Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелерин додалады

898

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев 26-апрель күни болып өткен телефон арқалы  сөйлесиўде Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў мәселелерин  додалады.

Өткен жылдың август айында Әзербайжан Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары жуўмағында ерисилген  келисимлерди әмелге асырыў мәселелери  дыққат орайында болды.

Экономикалық кооперация жылы  шеңберинде нәтийжели жумыслар алып барылып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық  пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми жыл басынан берли  20 процентке артты. Автомобиль қурылысы, тоқымашылық, электротехника, энергетика, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа тараўлардағы жойбарлар жедел басқышқа кирген.

Биргеликте бай мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламасы әмелге асырылмақта.

Быйылғы жылы өткерилиўи режелестирилген жоқары  дәрежедеги саммитлерге пуқта таярлық көриў, соның ишинде, Ҳүкиметлераралық комиссияның  гезектеги  мәжилиси, аймақлар ҳәм ректорлар форумлары, мәдений илажларды өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Жетекшилер регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысты, болажақ көп тәреплеме, соның ишинде, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги илажлар режесин  көрип шықты.

ӨзА