«Чашма» еки туўысқан халықтың улыўма байлығы

214

Усы жылдың 24-апрель күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Бас министрли Абдулла Арипов ҳәм Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети баслығының орынбасары – Мәмлекетлик миллий қәўипсизлик комитетиниң баслығы Қамчибек Ташиев басшылығында өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегарасын делимитациялаў ҳәм демаркациялаў мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғызстан Республикасы Ҳүкиметлери делегацияларының гезектеги биргеликтеги мәжилиси болып өтти.

Сөйлесиўлер даўамында «Чашма» булағын Қырғыз Республикасы аймағында қалдырған ҳалда өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегара жойбары сызығы өтиўиниң сыпатламасы ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети арасындағы «Чашма» булағынан биргеликте пайдаланыў ҳаққындағы Келисим жойбарының тийкарғы шәртлери тастыйықланды.

Тәреплер «Чашма» булағы Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғыз Республикасы халықларының улыўма байлығы екенин айрықша атап өтти. Қырғыз тәрепи Өзбекстан Республикасы пуқаралараның усы булақтан еркин ҳәм иркинишсиз пайдаланыўы, өзбек тәрепи булақта қәлиплесетуғын суў көлеминиң үштен еки бөлегинен пайдаланыўын тәмийинлеў ҳәм дерек суў ресурсларының көлеми ҳәм сапасына тәсир көрсетиўи мүмкин болған ҳәр қандай ҳәрекетлерди өзбек тәрепи менен муўапықластырыў ҳаққында келисимлерге ерисилди.

Сондай-ақ, тәреплер дослық ҳәм жақсы қоңсышылық руўхында еки мәмлекет пуқараларының «Чашма» булағынан толық пайдаланылыўына тосқынлық етиўши ҳәр қандай илажларға жол қоймаўға келисип алды.

Тәреплер қысқа мүддет ишинде Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети арасындағы «Чашма» булағынан биргеликте пайдаланыў ҳаққында Келисим ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғыз Республикасы Мәмлекетлик шегара участкасы ҳаққында Шәртнаманы муўапықластырыў ҳәм қол қойыўға келисип алды.

Сөйлесиўлер даўамында өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегарасы арқалы айырым өткериў пунктлериниң жағдайы ҳәм жумыс тәртиби бойынша улыўмалық позициялар да додаланды. Өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегарасы арқалы пуқаралардың өз-ара қатнаўлары ҳәм жүк тасыўын сезилерли дәрежеде жеңиллестириўге жәрдем берип атырған өткериў пунктлери бойынша улыўмалық қатнасты ислеп шығыў мақсетинде өткерилип атырған еки тәреплеме сөйлесиўлерге жоқары баҳа берилди.

Еки мәмлекет пуқаралары ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде 2024-жылдағы Өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегарасындағы өткериў пунктлери ҳаққындағы келисимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Билдириўге имканият барынша тезирек қол қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тәреплер «Чашма» булағы Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғыз Республикасы халықларының улыўма байлығы екенин айрықша атап өтти. Өзбекстан Республикасы пуқараларының усы булақтан еркин ҳәм иркинишсиз пайдаланыўы, өзбек тәрепи булақта қәлиплесетуғын суў көлеминиң үштен еки бөлегинен пайдаланыўын тәмийинлеў ҳәм деректиң суў ресурслары көлеми ҳәм сапасына тәсир көрсетиўи мүмкин болған ҳәр қандай ҳәрекетлерди өзбек тәрепи менен муўапықластырыў ҳаққында келисимлерге ерисилди.

Ушырасыў әдеттегидей конструктивлик ҳәм дослық руўхта өтти.

ӨзА