АҚШтың “The Economist” басылымы өзиниң жаңа санының муқабасына жараланған ҳәм сийле менен байлап тасланған бүркит сүўретин жайластырды (Бүркит Америка белгиси есапланады) ҳәм Доналд Трамптың президентлик мүддети жуўмақланыўына неше күн қалғанын еслетти.
– Доналд Трамп Қурама Штатларға дүзетип болмайтуғын зыян жеткерип болды. Оның революциялық жойбарлары иске асар ма екен? – деп жазылған басылым муқабасында.
Сондай-ақ, “The Economist” Трамп мүддетиниң жуўмақланыўына “тек ғана 1361 күн” қалғанын да еслетип өткен.
Мағлыўмат орнында, усы айдың басында бул басылым өзиниң муқабасында Вашингтон басқа мәмлекетлерден импорт етилетуғын өнимлерге тарифлерди енгизгеннен соң, Трамптың пышқы менен АҚШты дүньяның қалған бөлегинен үзип қойғанын сүўретлеген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги