«Пуқаралар жыйыны Баслығы сайлаўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық, усы жыл май айында елимиздиң барлық аймақларында пуқаралар жыйынлары баслықларын сайлаў болып өтеди.

Усы мүнәсибет пенен Бозатаў районында сайлаўды өткериўге көмеклесиўши комиссия басшылары, ағзалары ҳәм жумысшы топар баслықлары ушын семинар болып өтти.

Өткерилген семинарда Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының жуўапкер хызметкери Б.Кушваков, Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары А.Пиримбетов ҳәм басқалар қатнасыўшыларға пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўын өткериў тәртиби ҳәм нызамшылығы ҳаққында кең түрде түсиниклер берди.

-Быйылғы жылдан баслап  пуқаралар жыйынлары баслықлары 5 жыл мүддетке сайланатуғын болды,-дейди Бозатаў посёлкасы ҳәм Қусханатаў аўыл пуқаралар жыйынларында сайлаўды өткериўге көмеклесиўши жумысшы топар баслығы Нажиматдин Жуманиязов.-Бул әлбетте, пуқаралардың сайлаўға болған қызығыўшылығын арттырады деп ойлаймыз. Ҳәзирги ўақытлары топарымыз ағзалары тәрепинен аймақларда сайлаўға таярлық жумыслары қызғын даўам етпекте.

Илажда, қатнасыўшылардың пикир-усыныслар тыңланып, олардың қызықтырған сораўларына жуўап берилди.

   Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы