Ҳуқықый мүнәсибет
Гейде социаллық тармақларда ашықтан-ашық ямаса жасырын бетлер арқалы шахстың қәдирин кемситиў арқалы абырайын төгиў ҳәм оны шерменде етиўге қаратылған жағдайлардың гүўасы боламыз. Нызамшылығымызда, абырайын төккени, шахстың қәдирин биле тура кемситкени ямаса әдепсизлик пенен биле тура масқаралағаны ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленген.
Әмелдеги жуўапкершиликлер ҳаққында Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети оқытыўшысы Жавоҳир Эшонқулов төмендегише түсиник берди:
– Ҳәр бир шахс Конституция ҳәм нызамларға әмел етиўи, басқалардың ҳуқықлары, абырайы ҳәм қәдирин ҳүрмет етиўи шәрт. Бул ҳәр бир пуқараның конституциялық миннети болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексининиң 41-статьясына бола, абырайын төгиў, яғный шахстың қәдирин биле тура кемситиў базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен қырқ есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 140-статьясына муўапық, «Басып шығарыў ямаса басқаша усылда көбейтилген түрде, соның ишинде, ғалаба хабар қуралларында, телекоммуникация тармақларында ямаса Интернет дүнья мәлимлеме тармағында жайластырыў арқалы абырайын төгиў» базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырқ сааттан үш жүз саатқа шекемги мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса бир жылдан еки жылға шекемги мийнетке дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Улыўма алғанда, жәмийеттеги машқалаларды тек ғана ҳуқықый қураллар арқалы шешиў керек.
Гулноза Бобоева, ӨзА