Инфраструктура объектлери үйренип шығылды

367

«Жанар май – энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў ҳәм босқа жумсалыўының алдын алыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажларды жетилистириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилген еди.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў, әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Бас прокуратура тәрепинен бириктирилген жуўапкер хызметкер У.Кулиев тәрепинен Елликқала районындағы жумысшы топар ағзалары менен ушырасыў өткерди, – деп мағлыўмат береди Елликқала районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Илаж даўамында ири тутыныўшылар ҳәм мәҳәллелерде жанар май – энергетика тармақлары менен тәмийинленип атырған инфраструктура объектлери үйренип шығылды.


Сондай-ақ, жумысшы топар ағзалары менен орынларда энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша районлық уйымлараралық жумысшы топарлардың ўазыйпалары, энергия балансын ислеп шығыў, көрсеткишлерин орынлаў, энергияны үнемлеў бағдарламаларының орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумысты шөлкемлестириў механизмлери ҳәр тәреплеме додаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги