Студентлердиң дөретиўшилик жумыслары көргизбеге қойылды

568

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Педагогика факультетинде Халықаралық сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер фестивалы шеңберинде көргизбе шөлкемлестирилди.

Көргизбеден сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасының профессор-оқытыўшылары, бакалавр тәлим бағдарының студентлери, сондай-ақ, сүўретлеў өнери ҳәм әмелий безеў өнери магистратура қәнигелигинде оқып атырған магистрантлардың дөретиўшилик жумыслары орын алды.

Илаждың ашылыў мәресиминде институт ректоры Қ.Қодиров, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы У.Утегенова, Қарақалпақстан халық художниги, Өзбекстан Көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы – академик С.Байбосынов, Ташкент ҳәм Жиззақ қалаларынан келген мийманлар шығып сөйлеп, ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған бул көргизбени шөлкемлестириўден баслы мақсет жаслар тәрепинен исленген дөретиўшилик жумысларды кең жәмийетшиликке таныстырыўдан ибарат екенлигин атап өтти.

– Көргизбеге қойылған жумыслар 2024-2025-оқыў жылында орынланған болып, тийкарынан майлы ҳәм акварель бояўда исленген. Жанрлық өзгешелиги бойынша пейзаж, натюрморт, портрет жанрлары орын ийелейди,-дейди институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.

Сондай-ақ, ҳәр қыйлы жанрдағы картиналар менен бирге, заманагөй технологиялар жәрдеминде исленген дөретиўшилик жумыслары және әмелий безеў өнери бойынша ҳәр қыйлы буйымлар, қол өнери үлгилериниң де көргизбеге қойылғанлығы илаж қатнасыўшыларының дыққатын өзине қаратты.

Илаж шеңберинде сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бакалавр тәлим бағдары студентлери арасында портрет ҳәм пейзаж ислеў бойынша да таңлаў  өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги