Жаслардың ўақыты мазмунлы өткерилип, өз-ара пайдалы пикир алысыўларға бай болды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, тийисли министрликлер менен уйымлар тәрепинен жоқары билимлендириў оқыў орынларындағы студент-жаслар арасында шөлкемлестирилген «Студентлер бәҳәри» фестивалы көтериңкилик руўхта болып өтти.
Ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған бул фестивальды өткериўден баслы мақсет – студент-жаслардың дүньяға руўхый-идеологиялық көзқарасын қәлиплестириў, билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўин шөлкемлестириў ҳәм талантын жүзеге шығарыў болып есапланады.
Фестиваль шеңбериндеги илажлар Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында да өткерилип, илаж факультетлер арасында болып өткен “Зәкаўат” интеллектуаллық ойыны менен басланды. Институт факультетлеринен дүзилген командалар ақыл жарысына түсип, Ўатан, миллий идея, тарийх, қатнасықлар, дослық ҳәм басқа да әҳмийетли темаларда берилген сораўларға белгиленген ўақыт ишинде тез ҳәм анық жуўап бериўге ҳәрекет етти. Жеңимпаз командалар анықланып, мүнәсип сыйлықланды.






“Global money Week” халықаралық тәлим компаниясы шеңбериндеги илажда студентлер ушын финанслық саўатлылық бойынша семинар-тренинг өткерилди.
Илажға Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Финанс кафедрасының ассистенти А.Дәўлеталиева, волонтёр-студентлери А.Атамуратов, Н.Жарылқапова, В.Мақсетбаева, Ж.Нажмаддиновлар студент-жасларға финанслық саўатлылықты арттырыў бойынша “Банк депозитлеринен қалай етип нәтийжели пайдаланыў мүмкин” жойбары туўралы түсиниклер берди.
Волонтёрлар таярлаған презентацияларының жәрдеминде студент-жасларға кейинги ўақытта жийи ушырасып атырған кибержынаятлар, банк депозитлери ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықлары ҳаққында мысаллар арқалы мағлыўматлар берди.
Профессор-оқытыўшылар, тараў қәнигелери ҳәм усы бағдарда билим алып атырған студент-жаслар өзлериниң билим ҳәм тәжирийбелери менен ортақласып, пикир алысты.
Студент-жаслар арасында “Ҳуқықбузарлық ҳәм жинаятшылықтың алдын алыў” атамасында өткерилген ушырасыўда ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллериниң баҳалы мәсләҳәтлери тыңланды.

Илажда Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректор М.Дәўлетмуратов, Жынаят ислери бойынша Тақыятас районы судьясы А.Давлетов, институт профилактика инспекторы Т.Кеңесбаев, декан орынбасарлары, тюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Мәмлекет қәўипсизлиги ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған бул руўхый-ағартыўшылық илажда 2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў, жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылықтың ерте алдын алыў бойынша қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары (“Көшпели суд” ҳәм “Жынаят додалаўлары”) туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.
Бул қарарда белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар, атап айтқанда, мәмлекетимиздеги ҳуқықый мәдениятты арттырыў ҳәм жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жаңаша илажларға кеңнен тоқтап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди. Жаслар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Фестиваль шеңберинде бул оқыў орнындағы студент-жаслар арасында “Мини футбол” бойынша да жарыс шөлкемлестирилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги