Өзбекстан-Түркменстан: бай тарийхый уқсаслықтан жарқын улыўма келешекке қарай

303

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов 23-24-апрель күнлери сапар менен Самарқанд қаласында болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиў өткерди.

Ушырасыў алдында Түркменстан жетекшиси мәмлекетимиз басшысына Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Көп тәреплемели бирге ислесиў барлық бағдарларда, соның ишинде сиясий, парламентлераралық, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Барлық дәрежелерде нәтийжели сөйлесиў алып барылмақта. Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислери, Исбилерменлер кеңеси, Аймақлар форумы, мәденият күнлери, көргизбелер ҳәм басқа да илажлар турақлы өткерип келинбекте. Өткен жылы өз-ара товар алмасыў көлеми 1,1 миллиард долларды қурады. Пайтахтларда саўда үйлери ашылып, жүк тасыў көлеми артпақта. Жақын жылларда товар алмасыўды 2 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.

Энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, экономиканың басқа тармақларында өз-ара пайдалы кооперация раўажланбақта. Биргеликте «Шават-Ташаўыз» шегара алды саўда зонасы шөлкемлестирилмекте.

Жедел аймақлараралық сөйлесиўлер жолға қойылған, мәдений-гуманитарлық алмасыў бойынша үлкен бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Усы жылы Хийўа қаласында үшинши Аймақлар форумын ҳәм Өзбекстанда Түркменстан мәденияты күнлерин өткериўге келисип алынды.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери регионаллық шерикликке байланыслы мәселелер, соның ишинде «Орайлық Азия плюс» форматындағы болажақ саммитлер ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў бойынша пикир алысты.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстанның басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен жәрияланған Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы шеңберинде быйыл декабрь айында Ашхабад қаласында өткерилетуғын форум ҳәм басқа да халықаралық илажлар үлкен әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан Президенти Түркмен халқының миллий жетекшисине оның қәлемине тийисли «Ақыл-ой гәўҳары» китабының өзбек тилиндеги нусқасын тапсырды.

Еки тәреплеме сөйлесиўлер соңында Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовқа Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы – «Олий Даражали Дўстлик» орденин салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы сыйлықты тапсырып, Гурбангули Бердимуҳамедовтың туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дәстүрий дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўдеги үлкен хызметлерин атап өтти.

– Туўысқан Түркменстанның барлық үлкен жетискенликлери, кең көлемли жаңаланыўлары ҳәм халықаралық майдандағы абырайының жоқарылаўы Сизиң атыңыз бенен тығыз байланыслы,-деди Өзбекстан Президенти.

Түркменстанда экономиканың турақлы
турақлы өсиўи тәмийинленбекте, халықтың абаданлығы избе-из жоқарыламақта.

Президентимиз Түркмен халқының миллий жетекшиси тәрепинен алға қойылып атырған глобал қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў жолындағы халықаралық басламадарды айрықша атап өтти. Гурбангули Бердимуҳамедовтың жеке ҳәрекетлери себепли Өзбекстан – Түркменстан қатнасықлары ҳәзирги күнде жоқары дәрежеге шыққаны, ҳақыйқатында үлги түрге енгени атап өтилди.

– Сизиң жәрдемиңиз бенен 2017-жылы мәмлекетлеримиз стратегиялық шериклигиниң беккем тийкары жаратылды,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетлеримиз парламентлери, ҳүкиметлери, аймақлары, исбилерменлери, жәмийетшилиги, зиялылары ҳәм жаслары арасында жедел сөйлесиўлер, саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў жоқары дыққатқа ылайық. Мәселен, өткен жылы Ашхабад ҳәм Ташкентте Мақтымқулы шығармаларының өзбек тилиндеги топламының презенатциясы исленди, сондай-ақ, Ашхабад халықаралық кинофестивалында өзбек-түркмен көркем фильминиң премьерасы болып өтти.

Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов көрсетилген жоқары ҳүрмет ҳәм иззет ушын Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм өзбек халқына миннетдаршылық билдирди. Әзелден туўысқан болып, жақын қоңсышылық дәстүрлери тийкарында жасап киятырған өзбек ҳәм түркмен халықлары арасындағы дослық, бирге ислесиў буннан былай да беккемлениўин, бул ийгиликли иске үлес қосыў ол ушын мақтаныш екенлигин атап өтти.

Мәресимде шығып сөйлегенлер Гурбангули Бердимуҳамедовқа Өзбекстан Республикасының жоқары сыйлығы тапсырылыўы көп миллетли халқымыздың белгили мәмлекетлик ғайраткери, бүгинги Түркменстанның миллий жетекшиси ҳәм архитекторы сыпатында оған қызғын ҳүрмет-иззетиниң белгиси болғанын атап өтти.

Рәсмий илажлар жуўмақланғаннан кейин, Шавкат Мирзиёев ҳәм Гурбангули Бердимуҳамедов Конгресс орайының Ҳүрметли мийманлар қыябанында биргеликте емен терегин екти.

Мәресим еки туўысқан арасындағы көп әсирлик беккем дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары, Өзбекстан – Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў бағдарындағы исенимли умтылыстың белгиси болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен бирге Самарқандтағы халықаралық туризм орайында шөлкемлестирилген «Заманлар ҳаўазы» көргизбесине барды.

Мийманларға көргизбениң тийкарғы бөлеги – түнги саҳра көриниси көрсетилди. Жулдызлы аспанда мүшеллер, Мырза Улығбек картасы ҳәм меридианлар көринеди. Тамашагөй Уллы Жипек жолы бойлап ҳәрекетленип атырған кәрўан сыяқлы кум төбешиклер арасынан өтеди. Жол бойлап инсаният цивилизациясының раўажланыў тарийхы сәўлелендирип барылады.

Жолда Түркмен отаўы ушырасады. Түркмен бақсысының қосығы жаңлайды.

Өзбек ҳәм түркмен ҳаял-қызлары, бири сўзана тиксе, екиншиси түркмен гилемин тоқыйды.

Усталар ҳәм қурылысшылар қаласында художниклер, өнерментлердиң нәзик талғам ҳәм жоқары шеберлик пенен жаратылған дөретиўшилик шығармалары көринеди.

Өзбекстан ҳәм түркмен көркем өнер ўәкиллериниң атқарыўында дуўтар ҳәм тамбур шертилди, уллы шайырлар Әлийшер Наўайы ҳәм Мақтымқулы ғәзеллери оқылды.

Инновациялық презентацияда арнаўлы намалар ҳәм театрластырылған сахналар кең қолланылғаны мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Бул көргизбе – дослық тарийхый, өтмиштен сабақ алып, келешекти биргеликте қурыўға шақырық екенин айтыў мүмкин. Халықларды жақынластырыў ушын көбирек көпирлер керек болған бир ўақытта, мине усындай экспозиция арқалы қоңсы мәмлекетке «бизди тек ғана тарийх емес, ал улыўмалық келешек бирлестиреди» деп айта алыў – жоқары дипломатия үлгиси болып есапланады.

Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркментсан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов елимизге әмелге асырған сапары жуўмақланды. Жоқары мәртебели мийманды Самарқанд халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығарып салды.

Әлбетте, Түркмен халқы миллий жетекшисиниң мәмлекетимизге сапары ҳәм мәмлекетимиз басшысы менен өткерген нәтийжели сөйлесиўлери Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы стартегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыўға ҳәм әзелий туўысқан өзбек ҳәм түркмен халықларының дослық байланысларын беккемлеўге хызмет етиўи менен тарийхый әҳмийетке ийе.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары