Рубио: Қытай АҚШ ушын тийкарғы машқала

178

АҚШ Мәмлекетлик хаткери Марко Рубио «The Free Press» порталындағы интервьюинде Қытай Қурама Штатлар ушын тийкарғы қәўип екенин айтып, Пекин тарийхтағы ең ири тынышлық шараятындағы әскерий қурылысты әмелге асырып атырғанына итибар қаратқан.

– Мениңше, Қытай ҳәр бир тараўда, геосиясат, миллий қәўипсизлик, экономика ҳәм санаат көзқарасынан биринши санлы машқала, – деди жоқары мәртебели рәсмий. – ҚХР әскерий бағдарламасының көлеми мисли көрилмеген дәрежеде кең. Бул тек ғана заманагөй емес, ал пүткил адамзат тарийхындағы тынышлық дәўири ушын ең тез раўажланып атырған, ең ири әскерий күш.

Қарақалпақстан хабар агентлиги