Ишки қадағалаў бөлимлери хызметкерлериниң электрон реестри жүргизиледи

280

Коррупцияға қарсы гүресиўди ҳәр бир хызметкер, шөлкем өзинен баслаўы  керек. Сонда жәмийеттиң раўажланыўына иркиниш жасап атырған  бул иллетти сапластырыў мүмкин.

Шөлкемлердеги коррупцияға қарсы  ишки қадағалаў бөлимлериниң жумысын күшейтиўге итибар қаратылып атырғанының себеби де усында.

Бул мәмлекетимиз басшысының усы жыл 21-апрельдеги “Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң еркинлигин тәмийинлеў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарында нәзерде тутылған.

Қарардың орынланыўы бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен қандай жумыслар әмелге асырылады?

  • Агентликтиң Есап-санақ палатасы, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм басқа жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ҳәр жылы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери шөлкемлестирилиўин  мониторинг етип барады, – деди Коррупцияға қарсы гүресиў  агентлиги директорының орынбасары Умед Мавлонов. – Мониторинг нәтийжелери бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңеске мәлимлеме киргизеди.

Бул тараўдағы  жумыслар Президент қарарынан кейин күшейтилмекте. Жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде 2027-жыл 1-январьға шекем Денсаўлықты  сақлаў, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы, Суў хожалығы министрликлери, “Өзбекнефтьгаз” ҳәм “Өзсуўтәмийнат” акционерлик   жәмийетлериниң  коррупцияға қарсы ишки қадағалаў  бөлимлериниң   басшысы лаўазымына Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң хызметкерлери тайынланады.

Ҳуқықый эксперимент түринде енгизилетуғын бул системадан гөзленген мақсет усы шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў  системасының жумысын күшейтиў болып еспаланады.

Агентлик  усы шөлкемлер менен биргеликте бир ай мүддетте коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими хызметкерлери жумысының ҳуқықый эксперимент даўамындағы ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI)ин анықлайды.

Ҳуқықый эксперименттиң әмелге асырылыўы бойынша  ҳәр ярым жылда Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңеске мәлимлеме киргизиледи. Ҳуқықый эксперименттиң нәтийжелерине қарап 2027-жыл 1 –январьға  шекем бул системаны басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге де енгизиў бойынша тийкарланған усыныслар таярланады.

Ҳәзирги ўақытта усы мақсетте Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы  ишки қадағалаў  бөлимлери ҳаққындағы үлги реже таярланбақта.

Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң басшылары ҳәм хызметкерлерин  лаўазымға тайынлаў ҳәм босатыўды Агентлик пенен келисиў  тәртиби, Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери хызметкерлери  жумысының  ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери  (KPI)ин тастыйықлаў ҳәм баҳалаў тәртиби  белгиленбекте.

Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, оларды стажировка ҳәм аттестациядан өткериў тәртиби таярланбақта.

Үш ай мүддетте коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери хызметкерлериниң кәсиплик  стандартлары ислеп шығылады ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланады.

2025-жыл 1-июльге шекем электрон E-anticor.uz  платформасында коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң басшылары ҳәм хызметкерлериниң электрон реестрин жүргизиў жолға қойылады.

Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери хызметкерлериниң жумысын ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери  (KPI)  тийкарында баҳалаў нәтийжелери бойынша ҳәр ярым жылда Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңеске мәлимлеме киргизип барылады.

Норгул Абдураимова, ӨзА