Олий Мажлис Сенаты Баслығы Түркия Уллы Миллет Мәжилиси басшысы менен ушырасыў өткерди

265

Өзбекстан Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Анқараға сапары шеңберинде Түркия Уллы Миллет Мәжилисиниң Баслығы Нуман Куртулмуш пенен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекет басшыларының беккем сиясий ерк-ықрары ҳәм дослық қатнасықлары себепли Өзбекстан-Түркия байланыслары ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени атап өтилди.

Парламентлер мәмлекетлераралық бирге ислесиўди тереңлестириўде барған сайын белсене қатнасып атырғаны атап өтилди. Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўдың әҳмийетли екенлиги, сондай-ақ, тийисли комитетлер ҳәм дослық топарлары арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў зәрүрлигине итибар қаратылды.

Мәдений-гуманитарлық байланыслар, әсиресе, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, жаслар ҳәм аймақлараралық тәжирийбе алмасыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Түркий тиллес мәмлекетлердиң парламентлери ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги байланысларды тереңлестириў мәселелери додаланды.

Ушырасыў жуўмағында парламентлер арасындағы бирге ислесиўди және де жоқары басқышқа көтериўге қаратылған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси менен Түркия Уллы Миллет Мәжилиси арасында бирге ислесиў Протоколына қол қойылды.

Бул ҳүжжет Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди. Еки мәмлекеттиң нызам шығарыўшы уйымлары өз-ара тәжирийбе алмасыўы, нызамшылық процесинде тығыз бирге ислесиўи нәзерде тутылған болып, усы тәризде улыўма мәплерге хызмет ететуғын тараўларда – сиясат, экономика, мәденият, билимлендириў, жаслар ҳәм спорт бағдарларында және де жедел ҳәм системалы бирге ислесиў жолға қойылады. Бул тек ғана еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеў емес, ал пүткил регионда турақлылық ҳәм раўажланыўға хызмет ететуғын әҳмийетли дипломатиялық қәдем болып есапланады.

***

Усы күнниң өзинде делегация ағзалары Өзбекстанның тарийхы, мәденияты ҳәм заманагөй раўажланыўына бағышланған китаплар менен басылымлар усынылған парламент китапханасының жумысы менен де танысты.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева Түркия Уллы Миллет Мәжилиси Ҳүрметли мийманлар китабында жазыў қалдырып, еки тәреплеме парламентлераралық байланысларды беккемлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

ӨзА