Трамп Зеленскийди және сынға алды

Украина президенти Владимир Зеленский Қрым Россияға ҳеш қашан рәсмий берилмейтуғынын айтқанынан кейин және бир мәрте АҚШ жетекшиси сынға алды, деп жазбақта «CNN» басылымы.
– Зеленскийдиң ғәзеплендириўши билдириўлери келиспеўшиликти сапластырыўды қыйынластырмақта. Украина ушын жағдай аўыр. Ҳәзир тынышлыққа ерисиў мүмкин ямаса пүткил мәмлекетти жоғалтыўдан алдын және үш жыл гүресиў мүмкин, – деп жазды Трамп өзиниң «Truth Social» бетинде.
РФ ракеталары пайтахт Киев ҳәм мәмлекеттиң екинши ири қаласы Харьковқа Трамптың усы постынан бир неше саат өтип соққы берген. Украина рәсмийлери соңғы ҳүжимлерде кеминде тоғыз адам қайтыс болғанын ҳәм 70 ке шамалас адам жарақатланғанын мәлим етти.
Ўақыялардың раўажланыўы Россия-Украина келиспеўшилигин сапластырыўда дипломатиялық ҳәрекетлерге жаңа келиспеўшиликлерди туўдырмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги