Өзбекстанды қызамықтан жырақ аймаққа айландырыўға қаратылған анық усыныслар ислеп шығылды

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң хабарына бола, 2024-жылы Европа регионында қызамық пенен кеселлениўге байланыслы 127 мыңнан аслам жағдай дизимге алынған. Бул көрсеткиш 2023-жылға салыстырғанда еки есеге көп болып, бул 1997-жылдан берли дизимге алынған ең жоқары көрсеткиш болып есапланады.
Өзбекстанда қызамыққа қарсы шаншыў Миллий шаншыў календары тийкарында әмелге асырылады. 2024-жылы шаншылған балалардың қамтып алыныўы 99,3 процентти қураған. Соған қарамастан, республиканың айырым аймақларында қызамық пенен кеселлениў жағдайлары дизимге алынған.
Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети тәрепинен Халықаралық иммунизация ҳәптелиги шеңберинде «Қызамық кеселлигиниң артыў себеплери, алдын алыў илажлары» атамасында өткерилген дөгерек сәўбетинде бул ҳаққында сөз болды.
Қәнигелер тәрепинен қызамық кеселлигиниң алдын алыўда балаларды ўақтында ҳәм толық шаншыў ең нәтийжели илаж екени атап өтилди. Соның ишинде, қызамық, қызылша ҳәм тепкиге қарсы бала биринши мәрте 12-15 айлығында, екинши мәрте балалар бақшасына барыўдан алдын, яғный 4-6 жаста шаншылыўы керек екенлиги атап өтилди. Үгит-нәсият илажларына «мәҳәлле жетилиги» ҳәм пүткил жәмийетшилик биргеликте қатнасыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Денсаўлықты сақлаў тараўы бойынша халықаралық ҳәм жергиликли экспертлер мәмлекет қызамыққа қарсы вакцина менен үзликсиз тәмийинлеп атырғанын, қызамық кеселлигин емлеў процесслери заманагөй емлеў протоколлары арқалы әмелге асырылып атырғанын атап көрсетти.
Сенаторлар, тараў қәнигелери, халықаралық шөлкемлердиң экспертлери, министрликлер, уйымлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан дөгерек сәўбетиниң жуўмағында қызамық тарқалыўына шек қойыў ҳәм Өзбекстанды қызамықтан жырақ аймаққа айландырыў бойынша анық усыныслар ислеп шығылды.
Н.Абдураимова, ӨзА