Япония менен биргеликте 152 млн долларлық шарўашылық жойбары әмелге асырылады

192

Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң (JICA) Орайлық Азия ҳәм Кавказ регионы бойынша басшысының орынбасары Юка Сонояма менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда баҳасы 152 миллион АҚШ долларына тең болған «Шарўашылықты раўажландырыў ҳәм ҳайўанлардың саламатлығын жақсылаў» жойбары шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелери додаланды, деп хабар берди комитеттиң баспасөз хызмети.

Атап өтилиўинше, тәреплер шарўашылық хожалықларына жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, ветеринария тараўындағы илимий-изертлеў ҳәм диагностика орайларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, сондай-ақ, қәнигелердиң маманлығын арттырыў бойынша бирге ислесиўди белгилеп алды.

Сондай-ақ, JICA грантлары тийкарында ҳайўанлар кеселликлериниң алдын алыў, Японияда диагностика ҳәм аквакультура бағдарларында жергиликли қәнигелердиң маманлығын арттырыўды даўам еттириўге келисип алынды.

ӨзА