«Бажысызлыққа шеклеў» – бул жаза ма?

256

Кейинги күнлери «бажысыз товарлар муғдары азайды» деген жаңалық бойынша социаллық тармақларда ҳәр қыйлы пикирлер билдирилмекте. Бирақ, мәселениң мәнисин түсинсек,  бул қарар халқымыз ҳәм экономикалық раўажланыўымыз ушын пайдалы екенлигин көремиз.

Ҳәммемиз күн ара базарлардағы баҳаның көтерилип атырғанынан, шеттен арзымаған пулға алып келинген өнимлер қымбат сатылып атырғанынан наразы болып, жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллаў керек, неге өзимизде жумыс орынлары аз деп налыймыз.

Енди соны әмелге асырыў ушын қәдем тасланды. Сырт елден көп муғдардағы товарлар ғалабалық түрде алып кирилсе, бул жерде ислеп атырған исбилерменлер қалай бәсекилесе алады?

Қалаберди, бул киргизилген нормалар әпиўайы адамларға тәсир етпейди. Бул шеклеўлер сиз жеке мүтәжлигиңиз ушын алып келип атырған 1-2 телефон, ноутбук, кийим-кеншекке тийисли емес. Бирақ он-он беслеп техника алып кирип, пайда көриў нийетиндеги коммерцияшылар ушын тәртип ҳәм интизам болады.

Бундай тәртип тек ғана бизде бар емес. Дүньяда бизден де қатты режимде жергиликли  ислеп шығарыўшылар қорғалады. Мысалы ушын, Европада ҳаўа арқалы бажысыз лимит – 480 доллар, Түркияда – 480 доллар, Сингапурда – 500 доллар, Японияда курьерлик ушын тек ғана – 88 доллар болса, Канадада буннан да аз бажысыз лимит 15 доллар.

Бул тәртипти енгизиўден мақсет тутыныўшылардың мәпин қорғаўдан ибарат. Бул илажлар негизинде шеклеў де емес, ал дүньяда жүз берип атырған қурамалы шараятта миллий экономикамыздың турақлы жумысын тәмийинлейтуғын зәрүр илаж болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги