Россия Федерациясы делегациясы Наўайы қаласының экспорт ҳәм импорт потенциалын үйрениў, сондай-ақ, жергиликли өндирисшилердиң жумысы, имканиятлары ҳәм халықаралық бирге ислесиў перспективалары менен жақыннан танысыў мақсетинде келди.

Оларды Наўайы темир жол вокзалында қала ҳәкими Дилмурод Эргашев ҳәм бир топар рәсмийлер күтип алды.

Делегация ағзалары “Наўайы исеним гилемлери” ЖШЖ қоспа кәрханасына барды.

Қәнигелер тәрепинен делегация ағзаларына дәслепки шийки затты қайта ислеў, жип ийириў, рең бериў, нағыслар түсириў, гилем тоқыў ҳәм таяр өнимди қадақлаўға шекемги толық өндирис избе-излиги ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди. Процесслерде заманагөй технологиялар ҳәм жоқары өнимли автоматластырылған үскене және линиялардан пайдаланылып атырғаны, бул болса өнимниң сапасын арттырыў ҳәм өндирис көлемин кеңейтиў имканиятын берип атырғаны айрықша атап өтилди.

Бул кәрхана 2003-жылы шөлкемлестирилген болып, бүгинги күнде 3 сменада 500 ге шамалас жумысшы жумыс алып барады.

Ҳәзирги ўақытта бул жерде гилем ислеп шығарыў менен бирге гилемлерди химиялық тазалаў ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў жолға қойылған.

Кәрханада өндирис қуўатлылығын арттырыў мақсетинде технологиялық жаңаланыўларға қол урылған. Ҳәзирги ўақытта жумыс нәтийжелилиги жоқары болған еки рапирали тоқыў үскенеси алып келинген. Бул станок жылына 1 миллион 120 мың квадрат метр көлемдеги гилем ислеп шығарыў имканиятын береди ҳәм энергия жумсалыўын сезилерли дәрежеде азайтады.

Бүгинги күнде “Наўайы исеним гилемлери” ЖШЖ қоспа кәрханасының өнимлерине болған талап артып бармақта. Ҳәзирги ўақытта өнимлер Россия ҳәм басқа да ҒМДА мәмлекетлерине экспорт етиледи.

Кәрханада Россия мәмлекети менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары бойынша нәтийжели сөйлесиўлер алып барылды.

Сөйлесиўлер даўамында россиялы бирге ислесиўшилер тәрепинен кәрхананың экспорт потенциалы ҳәм алдағы бирге ислесиў бағдарлары айрықша атап өтилди.

А.Бўриев,

ӨзАның хабаршысы