Қытайда узақ жыллар даўамында спиртли ишимликке берилиўшиликтен қыйналып атырған наўқасқа «қырағылық чипи» орнатылды. Емлеўден соң, онда спиртли ишимликлердиң ҳәттеки ийисине де бейимлик қалмады.

Атына қарамастан, бул электрон қурылма емес, ал спиртли ишимликлерден алынатуғын рәҳәтти иркиўши ҳәм руўхый бойсыныўшылықты азайтыўшы налтрексон гидрохлорид дәри қуралы болып есапланады. Ол қарынның төменги бөлегиндеги тери астына тек ғана 1 см узынлықтағы кеспе арқалы жайластырылады. Хирургиялық операция 5 минуттан аз ўақыт алады ҳәм жергиликли наркоз бенен өткериледи.

Дәри қуралы әлле қашан пүткил Қытай бойлап емлеўханаларда қолланылмақта. Егер емлеў усылы усындай  нәтийжелер көрсетиўде даўам етсе, ол бойсыныўшылықты емлеўде түпкиликли бурылыс жасаўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги