Қытай АҚШқа «саўға» жиберди

Трамп жүргизип атырған жаңа тариф сиясатына жуўап ретинде Қытай АҚШқа буйыртпа етилген “Boeing” самолётын қайтарып жиберди. Бул хабарды BBC тарқатқан.
Компания басшысы Келли Ортбергтиң айтыўынша, еки самолёт әлле қашан қайтарылған. Мәмлекетлер арасындағы саўда қарама-қарсылығы күшейип атырғанын есапқа алсақ, кейинги самолётлар да тез арада қайтарып жибериледи. Быйыл ҚХРға және 50 самолёт сатылыўы керек еди, бирақ қарыйдарлар буйыртпаларды бийкар етти.
Мәлим болыўынша, АҚШ Қытайдан баратуғын өнимлерге 145 процент бажы салды, Пекин болса буған 125 процент салық пенен жуўап берди.
Американың ең ири ҳаўа кемелери экспортшысы есапланған “Boeing” коммерциялық самолётларының дерлик 70 процентин Америкадан сыртқа сатады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги