Студентлеримиз «Универсиада-2025» жарысының жеңимпазы болды

22-23-апрель күнлери Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында спорттың WORKOUT түри бойынша «Универсиада-2025» спорт жарысларының республикалық финал басқышы болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спортшы студент-жаслары қатнасып, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынларының студентлеринен дүзилген командалар менен күш сынасты.
Студент жигитлер арасында болып өткен жарыста Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы 1-орынды ийеледи ҳәм «Универсиада-2025» спорт жарысларының жеңимпазы болды.

Ал, студент қызларымыздан дүзилген сайланды командамыз ағзалары спорт жарысларында сыйлы 2-орынды ийелеп, гүмис медальларды қолға киргизди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги