Түркмен халқының миллий жетекшиси “Олий Даражали Дўстлик” ордени менен сыйлықланды

Еки тәреплеме сөйлесиўлердиң жуўмағында Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовқа Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы – “Олий Даражали Дўстлик” орденин салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы сыйлықты тапсырып, Гурбангули Бердимуҳамедовтың туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дәстүрий дослық, жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўдеги үлкен хызметлерин айрықша атап өтти.

– Туўысқан Түркменстанның барлық үлкен жетискенликлери, кең көлемли жаңаланыўлары ҳәм халықаралық майдандағы абырайының артыўы сизиң атыңыз бенен тығыз байланыслы, – деди Өзбекстан Президенти.

Түркменстанда экономиканың турақлы өсими тәмийинленбекте, халықтың абаданлығы избе-из артпақта. Президентимиз Түркмен халқының миллий жетекшиси тәрепинен алға қойылып атырған глобал қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў жолындағы халықаралық басламаларды айрықша атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен Гурбангули Бердимухамедовтың 2025-жылды “Тынышлық ҳәм исеним жылы” деп жәриялаў ҳаққындағы усынысы халықаралық көлемде кеңнен қоллап-қуўатланғаны атап өтилди.

Түркменстан жетекшисиниң жеке ҳәрекетлери себепли Өзбекстан -Түркменстан қатнасықлары бүгинги күнде жоқары дәрежеге шыққаны, ҳақыйқатында да үлги боларлықтай түрге енгени атап өтилди.
– Жеке сизиң жәрдемиңиз бенен 2017-жылы мәмлекетлеримиз стратегиялық шериклигиниң беккем тийкары жаратылды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетлеримиз парламентлери, ҳүкиметлери, аймақлары, исбилерменлери, жәмийетшилиги, зыялылары ҳәм жаслары арасында жедел сөйлесиўлер, саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша бағдарлама ҳәм жойбарлардың әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мәселен, кейинги жыллары товар алмасыў бир неше есеге көбейип, 1 миллиард доллардан артты.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў жоқары итибарға ылайық. Мәселен, өткен жылы Ашхабад ҳәм Ташкентте Мақтымқулы шығармаларының өзбек тилиндеги топламы таныстырылды, сондай-ақ, Ашхабад халықаралық кинофестивалында өзбек-түркмен көркем фильминиң премьерасы болып өтти.



Гурбангули Бердимуҳамедовқа Өзбекстан Республикасы жоқары сыйлығының тапсырылыўы көп миллетли халқымыздың белгили мәмлекетлик ғайраткери, бүгинги Түркменстанның миллий жетекшиси ҳәм архитекторы сыпатында оған болған жоқары ҳүрмет-иззетиниң көриниси болғаны атап өтилди.
ӨзА