Қытай компаниялары ўәкиллери менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қытай Халық Республикасының CSADI company (Central South Architecture designe Institute) co LTD компаниясы вице-президенти Лю Гэнг Чжон басшылығындағы делегация менен ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда республикамыз аймағында сырт ел инвестицияларын тартыў арқалы жаңа жойбарларды әмелге асырыў, бирге ислесиў перспективаларын белгилеп алыў, Қытай технологиялары тийкарында республикамыз аймағында жаңа объектлерди қурыў туўралы сөз етилди.
Сөйлесиў даўамында компания ўәкиллери республикамыз аймағында жаңа объектлерди қурыў бойынша өзлериниң жойбарларын усынды ҳәм презентациялары менен таныстырды.

Өз гезегинде Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен инвестициялық тартымлылықты арттырыў, жаңа жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша кең имканиятлар жаратып берилгенлигин, ҳәр қандай баслама ушын барлық шараятлар жаратылатуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги