Ташкентте Орайлық Азия мәмлекетлери арнаўлы хызметлери басшыларының биринши ушырасыўы болып өтти

346

Өзбекстан пайтахты Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери арнаўлы хызметлери басшыларының биринши ушырасыўы болып өтти. Бул илаж Өзбекстан Республикасының Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының VII Мәсләҳәт ушырасыўындағы басшылығы шеңберинде шөлкемлестирилди.

Илаждың ашылыўында қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мүрәжаты оқып еситтирилди. Онда Орайлық Азия мәмлекетлери арнаўлы хызметлериниң сөйлесиўи регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша биргеликтеги қатнаслар ҳәм тәсиршең механизмлерди ислеп шығыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ушырасыў даўамында тийкарғы итибар регион мәмлекетлери қәўипсизлигине заманагөй қәўип-қәтерлерге баҳа бериўдиң бирден-бир көзқарасларын ислеп шығыў, сондай-ақ, оларды сапластырыўда арнаўлы хызметлер арасында өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине қаратылды.

Тәреплер регионаллық қәўипсизлик, терроризм, экстремизм, нызамсыз наркотик ҳәм қурал-жарақ айланысына қарсы гүресиў, трансмиллий жынаятшылық, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў тараўларындағы әҳмийетли мәселелерди ҳәм өз-ара пайдалы басқа да бирге ислесиў бағдарларын додалады.

Бул илаж Орайлық Азия мәмлекетлери арасында қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли басқыш болып, регионымызда тынышлық ҳәм турақлылықты және де беккемлеў мақсетинде арнаўлы хызметлер басшыларының турақлы ушырасыўларына тийкар салды.

ӨзА