Японияда жас өспиримлер өлимшилиги көбейди

487

Японияда 2024-жылы 529 жас өспирим мектеп оқыўшысы өз жанына қастыянлық етти – бул бақлаўлар тарийхындағы ең жаман көрсеткиш, деп хабар берди South China Morning Post ҳүкимет мағлыўматларына тийкарланып.

Asahi газетасының жазыўынша, Япония G7 мәмлекетлери арасында өз жанына қастыянлық етиў – жас өспиримлер арасында тийкарғы өлим себепшиси болған бирден-бир мәмлекетке айланды.

Тийкарғы себеплер – стресс, оқыўдағы машқалалар, заманласлары менен тартыс ҳәм келешектен қорқыў. Өлим жағдайларының ярымынан көбиси усы факторлар менен байланыслы. Қалған жағдайларда депрессия (рухый түскинлик) ҳәм саламатлық пенен байланыслы басқа машқалалар, 20 процентинде шаңарақтағы тартыслар себеп етип көрсетилген.

Мектеп оқыўшылары арасында өлимшилик жағдайлары көбейиўи менен бирге, мәмлекетте өз жанына қастыянлық етиўдиң улыўма саны қысқарған. 2024-жылы 20 320 усындай жағдай жүз берди, яғный бир жыл алдыңғыдан 1 517 аз ямаса 1978-жылдан берли ең төмен көрсеткиш. Үлкен жастағылар арасында өз жанына қастыянлық етиў қаржы қыйыншылықлары ҳәм шаңарақлық машқалалар менен байланыслы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги