Көшпес мүлк бойынша агент категориясы киргизилмекте

Нызам жойбарына шолыў
Мәмлекетимизде риэлторлық хызметлер базарындағы талапларды қанаатландырыў мақсетинде риэльторлық жумысын раўажландырыў, бул хызметлердиң сапасын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бирақ риэлторлық жумысын тәртипке салыў тараўында әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди заманагөй тенденцияларға ҳәм нызамшылықтағы өзгерислерге муўапықлығын үйрениў, тиккелей әмел ететуғын нызам жойбарын ислеп шығыў зәрүрлиги пайда болмақта.
Усы мақсетте «Риэлторлық жумысы ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылып, парламент төменги палатасы тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.
Бул нызам жойбары менен рәсмий емес дәлдалшылар (маклерлер) – жеке тәртиптеги исбилермен ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахсларға «көшпес мүлк бойынша агент» сыпатында риэлторлық субъектлериниң дурыс есабын жүргизиў ҳәм нәтийжели мониторингти жолға қойыў мақсетинде «Риэлторлар субъектлериниң бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы енгизилмекте.
Сондай-ақ, банктен тысқары айланысты, сол арқалы жасырын экономиканы қысқартыў, риэлторлық хызметлерин «бир айна» принципи тийкарында көрсетиў мақсетинде көшпес мүлк объектлериниң электрон саўдасын ҳәм есап-санақларды электрон түрде әмелге асырыў имканиятын бериўши мультилистинг системаларын (электрон саўдасын) шөлкемлестириў белгиленбекте.
Жойбар менен риэлторлық жумысы тараўындағы профессионлар жәмийетлик бирлеспелердиң орнын кеңейтиў, оларға жаңа ўазыйпалар ҳәм ўәкилликлер бериў де усыныс етилмекте. Соның ишинде, риэлторлық субъектлерин нызамлы жолға өткериўде қоллап-қуўатлаўшы илаж сыпатында оларға көшпес мүлк базарында реклама ҳәм мәсләҳәт хызметлерин көрсетиў ҳуқықы берилмекте.
Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи риэлторлық жумысы тараўындағы хызметлердиң сапасын арттырыў, риэлторлық субъектлери жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, тараўда жасырын әмелиятларды қысқартыўға хызмет етеди. Көшпес мүлк бойынша агент категориясының киргизилиўи арқалы жасырын базар қысқарыўы тәмийинленеди. Тараўда профессионал жәмийетлик бирлеспелердиң роли кеңейип, бәсекиге шыдамлылық артады.
Муҳтарама Комилова, ӨзА