Ғалабалық спортты раўажландырыў әҳмийетли ўазыйпа

Көпшиликке мәлим болғанындай соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар сыяқлы, спорт тараўына қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм спортшыларымыздың Азия, жәҳән чемпионатлары, Олимпиада ойынларында қолға киргизген табысларының нәтийжесинде, мәмлекетимиз спорты раўажланған күшли еллердиң қатарына кирип бармақта.
Әсиресе, жасларымыз тәрепинен халықарлық майданларда қолға киргизилген жеңислер жоқарыда айтып өткен сөзимиздиң айқын дәлийли болып табылады. Соның менен бирге, елимизде ғалабалық спортты ен жайдырыўға да итибар қаратылып, оны еле де раўажландырыў мақсетинде, ҳәр қыйлы жарыслар өткерилип келинбекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январьдағы «Өзбекстан Республикасында денетәрбиясы ҳәм спортты буннан былай да жетилистириў ҳәм ғалаба ен жайдырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 15-марттағы «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «Жасыл» жылы шеңберинде «Eco-Save Aral-2025 ҳәм Инсан ушын» халықаралық қайырқомлық ҳәм экологиялық ғалаба жуўырыў жарысларын өткериўге таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳаққындағы»ғы протоколы тийкарында, усы жылдың май ҳәм октябрь айларында «Eco-Save Aral-2025 ҳәм Инсан ушын» халықаралық қайырқомлық ҳәм экологиялық ғалаба жуўырыў жарысларын өткериў режелестирилген.
Нөкис қаласындағы 2-санлы спорт мектебинде усы ғалабалық спорт жарысын өткериўдиң мақсети ҳәм оған таярлық жумысларына бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.
Илажға спорт министрлиги, Жаслар ислери агентлигиниң жуўапкер ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Әнжуманда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң бөлим баслығы И.Қудияров ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бөлим баслығы Ғ. Сейтимовлар тәрепинен жарыстың өткериў тәртиби, жарыс қатнасыўшылары, тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары бойынша кең түсиниклер берилди.
Сондай-ақ, илажда «Жаңа нәпес» ҳәм «Жаңа нәпес – Екиден» ғалабалық жуўырыў жарысларын өткериўге таярлық көриў ҳәм жоқары дәрежеде өткерилиўи ҳәм Бес баслама олимпиадасының өткерилиў ҳәм сыйлықлаў тәртибине де тоқтап өтилди.

-Быйылғы жуўырыў марафонының бурынғыларынан өзгешелиги, өткерилетуғын жарыста адаптив спорт түрлери бойынша да жарыслар өткериледи,-дейди Икрам Қудияров.
Илажда журналистлер тәрепинен баянатшыларға бир қатар сораўлар берилип, оларға тийисли жуўап алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.