Самарқандта Өзбекстан ҳәм Россия сыртқы ислер министрлери ушырасты

324

Бүгин, 23-апрель күни Самарқанд қаласында Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы делегациялары арасында рәсмий сөйлесиўлер басланды. Ушырасыў еки мәмлекет сыртқы ислер министрлери – Бахтиёр Саидов ҳәм Сергей Лавров басшылығында өткерилмекте.

Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хаткери Аҳрор Бурхонов өз Telegram -каналында хабар бериўинше, сөйлесиўлер дослық ҳәм конструктивлик руўхта өтпекте. Тәреплер Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын додаламақта.

Сөйлесиў даўамында стратегиялық шерикликти және де беккемлеў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм бир қатар тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Сондай-ақ, әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылмақта.

А.Алимова, ӨзА