Жас өспирим палўанлар Нөкисте беллеспекте
364

Ҳәзирги күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде спорт мектебинде 2008-2009-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында гүрес бойынша Өзбекстан кубоги жарысы болып өтпекте.
Жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан палўанлар қатнаспақта.
21-22-апрель күнлери өткерилген беллесиўлерде жигитлер 42-46-50-55-60-65-71-77 кг салмақ категориясы бойынша, қызлар 36-40-44-48-57 кг бойынша қурға шығып, онда қарақалпақстанлы Баўбек Адайбаев 55 кг да гүмис, 44 кг да Улбосын Даўлетмуратова қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Жарыс еле қызғын даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы