Өзбекстанда тойларды тәртипке салыў басланады

Президент 21-апрель күни қол қойылған пәрман тийкарында Өзбекстанда тойларды тәртипке салыўды нәзерде тутыўшы жойбар ислеп шығылады.
Атап өтилиўинше, усы жылдың август айына шекем тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мерекелер ҳәм мәресимлер өткерилиўин тәртипке салыў бойынша парламент палаталары кеңеслериниң биргеликтеги қарары қабыл етиледи. Сондай-ақ, жасларда үнемлилик мәдениятын қәлиплестириў бойынша жаңа механизмлер ислеп шығыў да режелестирилген.
Жойбарға Олий Мажлис палаталары, Мәденият министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Дин ислери бойынша комитет жуўапкерлер етип белгиленди.
2019-жылдың 14-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Кеңеси ҳәм Сенат Кеңесиниң «Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер өткерилиўин тәртипке салыў системасын және де жетилистириў ҳаққында»ғы биргеликтеги қарары қабыл етилгенин атап өтиў керек. Ол 2020-жыл 1-январьдан күшке кирген ҳәзир де нызамлы күшке ийе.
Оған бола, тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер тек ғана бир күн (жерлеў мәресими буған кирмейди), саат 06:00 ҳәм 23:00 аралығында өткериледи.
Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерде 200ге шекем, бул илажлар мүнәсибети менен ас бериў мәресиминде 250 ге шекем адам қатнасады. Қос тойларда 250 ге шекем, оның менен байланыслы аўқат бериў мәресиминде болса 300 ге шекем адам қатнасыўы мүмкин.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қосылған 1921-статьяға бола, тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер өткериў тәртиби әмел етпеген пуқараларға 10 БЕМ (ҳәзирги ўақытта 3 млн 750 мың сум), тойхана ҳәм кафе-ресторанлардың лаўазымлы шахсларына 30 БЕМ (қайтадан ислесе, 50 БЕМ) муғдарында жәрийма белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги