Аймақлық семинар болып өтти

«Замин» фонды тәрепинен аймақлық семинар шөлкемлестирилди. Беруний районында шөлкемлестирилген семинарға Әмиўдәрья, Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларынан ўәкиллер қатнасты.
Семинар қатнасыўшылары «Замин» фонды тәрепинен Беруний районындағы 1-санлы мектепке орнатылған суў фильтрлеў үскенесинен пайдаланыў процесслери менен танысты.
– «Замин» фонды тәрепинен, Қарақалпақстан Республикасындағы 280 улыўма орта билим бериў мектеплеринде ишимлик суўын тазалаў үскенелериниң орнатылыўы белгиленген. Биринши басқышта 180 мектепке орнатылған болып, екинши басқышта 100 мектеп режеге киргизилген. Ҳәзирги күнге шекем 52 мектепке орнатылған, – дейди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.
Беруний районы орайынан алыс аймақта жайласқан Алтынсай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 4-санлы мектепте де усы суў фильтрлеў үскенеси орнатылған болып, оннан халық та пайдаланып келмекте.
Аймақ турғынлары жаратылған бундай мүмкиншиликтен оғанада миннетдар. Себеби, таза суў организм ушын пайдалы болып табылады.



Фонд тәрепинен кейинги басқышта Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Қараөзек районларында да суў тазалаў үскенелерин орнатыў жумыслары алып барылады,- делинеди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими берген мағлыўматында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги