Өзбекстан Президенти Россия сыртқы ислер министрин қабыллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-апрель күни Самарқанд қаласында әмелий сапар менен болып турған Россия Федерациясы сыртқы ислер министри Сергей Лавров басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Ушырасыў басында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Сөйлесиўде Өзбекстан-Россия дослық, кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў көзқарасынан буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Барлық бағдарларда жедел сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели алмасыўлар алып барылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў ҳәм инвестициялардың көлеми кеңеймекте. Аймақлар ҳәм жетекши санаат кәрханаларының кооперациясы күшеймекте. Мәденият, көркем өнер, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, спорт ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиў кеңейтип бармақта.

Тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийеттеги мәселелер бойынша да пикир алысылды.
ӨзА