Жасларға шайыр ҳаққында баҳалы мағлыўматлар берилди

Усы жыл 21-27-апрель күнлери елимиз бойлап “Өзбекстан – китапқумарлар ели” сүрени астында V Республикалық “Китапқумарлық ҳәптелиги” өткерилмекте.
Бул әҳмийетли илажға республикамыздағы мәлимлеме-китапхана орайлары ҳәм китапқумарлар да белсене қатнасып, мәдений-ағартыўшылық илажлар, мушайралар, әдебий кешелер шөлкемлестирилмекте.
Хожели районы Мәлимлеме-китапхана орайында Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан халық жыршысы Садық Нурымбетовтың 125 жыллығы (1900-1972) мүнәсибети менен “Шайыр ҳәм қыссахан” атамасында мәҳәлле нураныйлары ҳәм жас китапқумарлардың қатнасыўында кеше шөлкемлестирилди.
Жасларға “Шуҳрат” медалының ийеси, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы, “Ибратли оила” көкирек белгисиниң ийеси Қызларгүл Худиярова С.Нурымбетовтың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.


Атап өтилгениндей, С.Нурымбетов қарақалпақ әдебиятының ири тулғалаларының бири, көп санлы лирикалық қосықлары ҳәм дәстанлық шығармалары халқымыздың жүрегинен терең орын ийелеген. Ол қарақалпақ әдебиятын тематикалық, жанрлық ҳәм көркемлик жақтан раўажландырыўға үлкен үлес қосқан.
С.Нурымбетов өз дөретиўшилигиниң дәслепки жылларында “Даўыт көл” қосығы, “Тиллахан, “Есетсең”, “Жаңаберген”, урыс дәўиринде дөреткен “Перзентим” шығармалары менен белгили болды. Ол “Мен сонда мақтайман”, “Намыс сөзи”, “Ашылып сырың”, “Ис жақпасларға”, “Шуғылларға”, “Әўере”, “Сениң ышқың” ҳ.т.б. шығармалары менен әдебиятымызда сатира менен бирге, тымсал жанрын да раўажландырыўға үлесин қосты. Сондай-ақ, оның эпикалық шығармалары “Бердақ”, “Қамары”, “Теңизде”, “Зарымбеттиң ғабырысы” поэмалары, “Ханаласлар” “Бахтыяр” дәстанлары әдебиятымызды жанрлық жақтан байытыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.
С.Нурымбетов инсан сыпатында оғада жақсы инсан болған. Ол оғада қатықулақ адам болған. Түркий халық дәстанларының барлығын ядтан оқыған. Күнхожа, Әжинияз, Бердақ, Сыдық, Әбдиқәдир, Қазы Мәўликтиң қосықларын да ядтан билген. Қағазға қарамастан азанға шекем қосық оқып, дәстан айта алатуғын болған. Ол барған жерге халық жыйналып, қыссаханлық жолы менен атқарған шығармаларын уйып тыңлаған.
Илажда оқыўшы-жаслар шайырдың шығармаларынан үзиндилер оқып, устазлардың баҳалы мәсләҳәтлерин тыңлап, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги