Арал теңизиниң қурыған 1 миллион 865 мың гектар майданында қорғаў тоғайлары жаратылды

254

Арал теңизиниң қуылған аймағында күн сайын кеңейип баратырған саҳраны тоқтатыў, жасыл «қалқан»лар жаратыў ҳәзирги күнниң ең әҳмийетли мәселелеринен бирине айланды.

Қәнигелердиң пикиринше, Аралдың қурыған ултанын тоғайластырмастан саҳра жолын иркиўдиң имканияты жоқ. Қумның ҳәрекет бағдары жасырылса, қайта-қайта шаң-тозаң көтерилиўине имканият қалмайды.

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Тоғай хожалығы агентлиги бас қәнигеси Ҳожимурод Толипов Аралбойынша экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып берди.

– Аралбойында экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, теңиз қурыўының унамсыз ақыбетлерин жумсартыў бағдарындағы жумыслар тоқтағаны жоқ,-дейди Ҳожимурод Толипов. – Кейинги жыллары Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында глобал экологиялық машқаланың алдын алыў ҳәм халықтың социаллық-экономикалық жасаў тәризин жақсылаўға қаратылған кең көлемли илажлар алып барылды.

Атап айтқанда, өткен жыллар даўамында 1 миллион 865 мың гектар майданда шөл өсимликлериниң туқымы ҳәм нәлинен «жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайлары жаратылды. Бул жаратылған қорғаў тоғайларының 1 миллион 783 мың гектары шөл өсимликлериниң туқымынан, 82 мың 397 гектары шөл өсимликлериниң нәлинен жаратылған. Яғный, өткен дәўир даўамында бул аймақларға 82 миллион шөл өсимлигиниң нәллери егилген.

Бул илажлар ушын 7,4 мың тоннадан аслам сексеўил ҳәм басқа шөл өсимликлериниң туқымлары жыйналған. Соннан, дерлик 2 мың тонна туқым Мойнақ районының халқы тәрепинен таярланған.

Тоғайзарластырыў жумысларын даўам еттириў мақсетинде жылына 100 гектардан аз болмаған көлемде сексеўил нәлханалары шөлкемлестирилди. Ҳәр жылы орташа 1000 ға шекем техника ҳәм механизмлер, самолёт ҳәм мотодельтаплан тартылды ҳәм егиў мәўсимлеринде 2000ға шекем халық, жумысшы-хызметкер ҳәм механизатор қатнасты.

Бир ўақытлары дүньядағы төртинши ири көл болған Арал теңизиниң қурыўы ең ири глобал антропоген экологиялық апатлардан бири болып есапланады. Бул апатқа қарсы гүресиў машақатлы процесс болса да, усы апатшылықтың ақыбетлерин жумсартыў ҳәм Аралбойы аймағын және де раўажландырыў, регионда социаллық ҳәм экономикалық жағдайды жақсылаў, биологиялық ҳәр түрлиликти тиклеў мақсетинде алып барылып атырған жумыслар көлеми күн сайын кеңеймекте. Аралбойы регионында экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған реформалар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де жоқары баҳаланбақта.

2025-жылы да бул илажлар избе-излилик пенен даўам еттирилмекте.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА