«Өзатом» агентлиги делегациясы Қытайда

235

Усы күнлерде Қытайда жумыс сапары менен болып турған «Өзатом» агентлиги делегациясы  атом энергетикасы тараўындағы халықаралық бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм Өзбекстанда атом электр станциясы (АЭС) қурылысының жойбарын тийкарғы техникалық ҳәм шөлкемлестириў тәреплерин додалаўға қаратылған бир қатар ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткермекте.

Сапар шеңберинде  «Өзатом» агентлигиниң директоры Азим Аҳмедҳўжаев басшылығындағы делегация Қытай миллий ядро корпорациясы (CNNC) қурамындағы сырт ел жойбарларына жуўапкер CNOS офисинде үш тәреплеме ушырасыўда қатнасты. Онда «Өзатом» агентлиги, Россияның «Росатом» мәмлекетлик корпорациясы ҳәм Қытайдың  “Shanghai Electric” компаниясының ўәкиллери қатнасты.

Сөйлесиўлер даўамында “Shanghai Electric” компаниясының турбина үскенелерин ислеп шығарыў потенциалы, бул үскенелерди Өзбекстандағы АЭС жойбары талапларына бейимлестириў имканиятлары көрип шығылды. Тәреплер, сондай-ақ, АЭСтиң ядролық  болмаған атаўы ушын зәрүр үскенелерди ислеп шығыў, оларды жеткерип бериў ҳәм техникалық белгилери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысты.

Ушырасыў жуўмағында Қытай тәрепи «Өзатом», «Росатом» ҳәм CNNC арасында үш тәреплеме шәртнамаға қол қойыў басламасы менен шықты. Бул шәртнама CNNCтиң Өзбекстандағы  АЭС қурылысындағы анық роли ҳәм жуўапкершилигин белгилеўге хызмет етеди.

«Өзатом»  агентлиги мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына бола, “Shanghai Electric” компаниясы атом ҳәм ыссылық электр станциялары ушын турбина ҳәм энергетика үскенелерин ислеп шығарады. Ол усы  күнге шекем Қытайдағы 37 ҳәм Пакистандағы 2 АЭС ушын ядролық  болмаған атаў  үскенелерин жеткерип берген. Компания ислеп шығаратуғын турбогенераторлардың қуўатлылығы 50 МВтдан 1240МВтға шекем жетеди.

Өзбекстан делегациясының сапары шеңберинде халықаралық бирге ислесиўшилер менен жойбарды  әмелге асырыўда алдынғы технологияларды тартыў, исенимли  үскене жеткерип бериўшилер менен бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА