Химия санаатын диверсификациялаў бойынша режелер көрип шығылды

205

 

Президент Шавкат Мирзиёев химия санаатындағы жойбарлардың орынланыўы ҳәм тармақты диверсификациялаў бойынша режелердиң презентациясы менен танысты.

Реформалар нәтийжесинде тармақта базар принциплери енгизилип, инвестицияларға кең жол ашылды. Өндирис шынжырын кеңейтиўге Наўайы, Ферғана, Қоңыратта 3 химиялық кластер, Шыршық ҳәм Жиззақта 2 технопарк шөлкемлестирилди. Қоқанд суперфосфат заводы толық модернизацияланды.

Кейинги бес жылда 23 жаңа кәрхана ашылып, 4 мыңнан аслам жумыс орынлары жаратылды. Тармаққа халықаралық брендлер кирип келди, кем тонналы өнимлер таярлаў жолға қойылды. Усылардың нәтийжесинде химия санаатында өндирис 1,5 есеге өсти.

Презентацияда жуўапкерлер быйылғы жумыслар ҳәм режелер ҳаққында есабат берди.

Атап өтилгениндей, усы жылдың биринши шерегинде тармақта 181 миллион долларлық инвестиция өзлестирилген, 39 миллион долларлық 3 жойбар иске түсирилген.

Енди екинши шеректе 170 миллион долларлық сырт ел инвестицияларын өзлестириўдиң есабынан «жасыл» водород ҳәм циан дузлары кәрханаларын иске қосыў режелестирилген.

Санластырыў процеси даўам еттирилип, тармақтың бирге ислесиўши тараўлар менен интеграциясы кеңейтиледи. Химия заводларының бирден-бир ғазнашылық системасында қосымша модульлер ашылады. «Бирден-бир санлы платформа» жуўмағына жеткерилип, кәрханалардың 15 экономикалық көрсеткишлери сәўлелендириледи.

Және бир әҳмийетли ўазыйпа – энергия нәтийжелилиги. Энергияны үнемлеў ҳәм өндирис қуўатлықларынан пайдаланыў дәрежесин арттырыў арқалы өзине түсер баҳасын азайтыў зәрүрлиги атап өтилди.

Тараўда еле иске қосылмаған имканиятлар көп екени көрсетип өтилди. Жедел раўажланып атырған ишки базарда өнимге талап артып атыр. Жәҳән базарындағы турақлы емес шараят та жаңа ўазыйпалар қоймақта.

Сонлықтан тармақты структуралық жақтан өзгертиў, локализациялаў ҳәм қосымша қунды арттырыў илажлары додаланды.

Жуўапкерлерге ҳәзирги заман талаплары ҳәм алдағы экономикалық прогнозлар тийкарында химия санаатын раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыўға айрықша әҳмийет қаратыў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

 

ӨзА