Өзбекстанлылар май айында неше күн дем алады?
310

Өзбекстанда шемби ямаса екшембиге туўра келген байрамлар мүнәсибети менен қосымша дем алыс күнлери бериледи. Киятырған май айында болса дем алыс күнине туўра келетуғын бирде-бир байрам жоқ.
Бул айда 5 шемби, 4 екшемби ҳәм тек ғана 9-май – еслеў ҳәм қәдирлеў күни бар. Соған бола, 5 күнлик жумыс режиминде ислейтуғынлар ай даўамында 10 күн, 6 күнлик жумыс режиминде ислейтуғынлар 5 күн дем алады.
Дем алыссыз ислейтуғын пидайылар болса, 31 күн де ислей береди.
Мағлыўмат ушын, 9-май ҳәптениң жума күнине туўра келгени себепли сиз 9-10-11-май күнлери избе-из 3 күн дем аласыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги