Қыйтақ жер тек ғана дәрамат емес, бәнтлик дәреги

404

Қыйтақ жерди дәрамат дәрегине айландырып қоймастан, жумыссыз халықты жумыс пенен тәмийинлеп, жасаў шараятларын жақсылаўға үлес қосып атырған ўатанласларымыздың қатарының артып атырғаны оғада қуўанышлы.

Елликқала районындағы “Думанқала” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқара А.Мадаминов өзиниң қыйтақ жеринен үнемли пайдаланып келмекте.

Ол өз жеринен жылына 100 миллион сумнан аслам дәрамат таўып атырған белсенди қыйтақ жер ийелеринен бири.

– 25 сотых жер майданында мийўели нәллер ҳәм палыз егинлерин тәрбиялаў арқалы ол тек ғана өзиниң шаңарағының абаданлығын тәмийинлеп қоймастан, ал қоңсылас мәҳәллелеслерине де жумыс орнын жаратып бермекте. Оның сөзлерине бола, 2010-жылдан берли бул жумыс пенен шуғылланып келмекте. Жыл сайын тәжирийбесин ҳәм өнимдарлықты арттырыўға итибар қаратқан, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Ол 12 жумыссыз пуқараны жумыс пенен тәмийинлеп, турақлы ҳәм мәўсимлик жумысқа тартқан.

– Жерди системалы суўғарыў, органикалық төгинлерден пайдаланыў ҳәм нәллерди дурыс тәрбиялаў арқалы жоқары нәтийжелиликке ерискенбиз. Келешекте жумысымызды және де кеңейтиў, заманагөй ыссыханалар қурыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў бағдарларында да жумыс баслаўды режелестирмектемиз, – дейди ол.

Қарақалпақстан хабар агентлиги