Биринши мәрте азиялы Папа болыўы мүмкин

Рим папасы Франциск қайтыс болғаннан кейин Ватикандағы конклав ширкеўине жаңа басшы сайлайды.
«The Telegraph» басылымының жазыўынша, филиппинли 67 жастағы кардинал Луис Антонио Тагл бул лаўазымға тийкарғы талабанлардан бири сыпатында көрилип атыр. Азиядан биринши папа етип сайланыўы күтилип атырған бул қәниге өзиниң көзқараслары, турмыс тәризи себепли «Азиялы Франциск» атын алған.
Таглден басқа тахтқа шамаланған талабанлардың арасында биринши мәрте қара тәнли папа болыўға умтылып атырған 76 жастағы Питер Турксон, кардиналлар Питер Эрдо, Пьетро Паролин ҳәм Роберт Сара бар.
Дизимде сондай-ақ, Мальта, Италия ҳәм Португалия ўәкиллери де бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги