Пуқаралардың ҳүждан еркинлиги ҳуқықы кепилликлерин буннан былай да беккемлеў ҳәм диний-ағартыўшылық тараўдағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан раўажланыўының жаңа басқышында жәмийетте диний кеңпейиллик, миллетлераралық татыўлық ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеў, дүнья илими ҳәм мәдениятының раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы улама ҳәм ойшылларымыздың бай илимий-руўхый мийрасын терең үйрениў, өсип-өнип атырған жас әўладты ана Ўатанға садықлық, миллий-диний қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, елимиздиң дүнья цивилизациясы бесиги сыпатындағы тарийхый статусын ҳәм абырайын тиклеў бойынша пуқта ойланған басқышпа-басқыш реформалар әмелге асырылмақта.
Өткен қысқа ўақыт ишинде Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Матуридий, Имам Термизий халықаралық ислам академиясы, Самарқандта Ҳадис илими мектеби, Бухарада Мир Араб жоқары медресеси шөлкемлестирилди. Бул орынлар «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» ийгиликли улыўмаинсаныйлық идеясы тийкарында жәмийетте саламат руўхый орталықты тәмийинлеўге, жасларды заманагөй пикирлейтуғын ҳәм уллы бабаларымызға ҳәр тәреплеме мүнәсип етип тәрбиялаўға хызмет етпекте.
Жедел өзгерип атырған бүгинги қыйын шараятта дүньяда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселер елимизде «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин» деген халықшыл принципке тийкарланған реформалар дурыс екенлигинен дәрек бермекте.
Жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасында пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясында белгиленген ўазыйпаларды жүзеге шығарыў, диний-ағартыўшылық тараўдағы ийгиликли идея ҳәм басламаларды халық мәплеринен келип шығып басқышпа-басқыш даўам еттириў мақсетинде қарар етемен:
- Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары
- Төмендегилер пуқаралардың ҳүждан еркинлиги ҳуқықын тәмийинлеў ҳәм диний-ағартыўшылық тараўдағы жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың әҳмийетли бағдарлары етип белгиленсин:
а) жәмийетте диний кеңпейиллик ҳәм конфессиялараралық татыўлықты буннан былай да беккемлеўге байланыслы алдыңғы механизмлерди енгизиў;
б) илим ҳәм дүнья цивилицациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы бабаларымыздың инсаныйлық, жақсылық, тынышлық ҳәм кеңпейиллик сыяқлы улыўма инсаныйлық ҳәм уллы мақсетлерге тийкарланған диний-философиялық мийрасын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў;
в) диний-ағартыўшылық тараўда кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў арқалы заман талапларына сай қәнигелерди жетилистириў;
г) халықтың арасында бирлик, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт руўхын күшейтиў, социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў;
д) Диний-ағартыўшылық тараўдағы халықаралық бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў.
- Диний-ағартыўшылық тараў жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўталаў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Жәмийетте ҳүждан еркинлигин кепиллеў, диний кеңпейиллик, пуқаралар аралық татыўлық ҳәм жәмийетлик-руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде «Кеңпейил жәмийет – турақлы мәмлекет» принципи тийкарында Дин ислери бойынша комиетет пенен (кейинги орынларда – Комитет) Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Ишки ислер министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң жаңа бирге ислесиў системасы жолға қойылсын.
Төмендегилер бирге ислесиў системасының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
а) диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың мақсети, тийкарғы ўазыйпалары ҳәм принциплерин исенимли әмелге асырыўда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң өз-ара бирге ислесиўин жолға қойыў;
б) пуқарлардың ҳүждан еркинлигине болған ҳуқықын тәмийинлеў, жәмийетте ҳәр қыйлы диний конфессиялар ўәкиллериниң өз-ара татыў ҳәм аўызбиршиликли жасаўын қоллап-қуўатлаў;
в) Өзбекстан халқының дини, исеними, миллийлигине, социаллық келип шығыўына қарамастан ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин толық жүзеге шығара алыўын тәмийинлеў;
г) динге болған қатнасынан келип шығып үстинлик бериў, кемситиў ҳәм ҳүждан еркинлиги кепиллиги бузылыўының басқа да ҳәр қандай көринислериниң алдын алыў.
Комитет бир ай мүддетте Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Ишки ислер министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте бирге ислесиў системасының механизмлерин белгилейтуғын биргеликтеги қарарын тастыйықласын.
- Диний-ағартыўшылық тараўының институционаллық тийкарларын жетилистириў
Пуқаралардың ибадатлар ҳәм диний үрп-әдетлерди әмелге асырыўы ушын қосымша қолайлықлар жаратыў, «Ҳаж» ҳәм «Умра» зыяратларына барыўы менен байланыслы хызметлерди көрсетиў процесинде артықша бюрократлық тәртип-қағыйдаларды сапластырыў мақсетинде Комитет ҳәм Санлы технологиялар министрлиги 2025-жыл 1-сентябрьге шекем «Ҳаж ҳәм Умра бирден-бир порталы»н (кейинги орынларда – Портал) ҳәм оның мобиль қосымшасын ислеп шықсын.
а) Портал «Ҳаж» илажларына баратуғын пуқаралардың бирден-бир электрон гезеги ҳәм «Умра» илажларына жиберилетуғын система есапланатуғыны;
б) Порталда «Ҳаж» ҳәм «Умра» жумысы ҳаққындағы мағлыўматларды топлаў ҳәм рәсмийлестириў менен байланыслы процесслер санластырылатуғыны;
в) министрлик ҳәм уйымлар Комитет сораўына бола өзиниң мәлимлеме системалары Порталға интеграцияланыўын тәмийинлейтуғыны;
г) Комитет Портал жумысын қаржыландырыўға, техникалық жақтан қоллап-қуўатлаўға, байланыслы болған мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер ушын пайдаланыў имканиятын жаратыўға жуўапкер мәмлекетлик уйым есапланатуғыны;
д) Комитет «Умра» илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў лицензиясына ийе юридикалық тәреплер ҳәм Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң Порталдан пайдаланыў имканиятын тәмийинлейтуғыны белгиленсин.
- Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Комитеттиң Өзбекстан халықаралық ислам академиясын Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы (кейинги орынларда – Академия) етип қайта атаў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Академия исламтаныў ҳәм динтаныў тараўларында қәнигелерди ҳәм оқыў бағдарламасы, қолланба ҳәм оқыўлықларды таярлаўға қәнигелескен таяныш мәмлекетлик жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемеси етип белгиленсин.
- Төмендегилер Академияның тийкарғы ўазыйпалары болып табылады:
а) исламтаныў, динтаныў, дин психологиясы, ислам экономикасы, деректаныў, халықаралық қатнасықлар ҳәм талап бар болған басқа да тараўлар бойынша кадрлар таярлаў;
б) билимлендириў процесине алдыңғы педагогикалық технологияларды, илим ҳәм техниканың соңғы жетискенликлерин ҳәм жетекши сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылған билимлендириў бағдарламаларын енгизиў;
в) ҳүждан еркинлиги ҳәм конфессиялараралық кеңпейилликти тәмийинлеў, радикалласыў, экстремизмге ҳәм терроризмге қарсы гүресиўге және диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарларына байланыслы илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырыў;
г) диний-ағартыўшылық бағдарда илимий, илимий-ғалабалық әдебиятларды таярлаў ҳәм басып шығырыў, сондай-ақ, интернет тармағында билимлендириў ресурсларын жайластырыў ҳәм турақлы жаңалап барыў;
д) талабаларда жоқары руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерин раўажландырыў, Ўатанға сүйиспеншилик, оның тәғдирине жуўапкершилик, кәсипке садықлық сезимин беккемлеў, тәлим-тәрбия процеси ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў;
е) елимизде ҳәм сырт елде диний тараўда жумыс алып барып атырған илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери менен тығыз бирге ислесиў.
- Академияға төмендеги ҳуқықлар берилсин:
а) оқыў-илимий процесслерге тартылған жоқары мәртебели сырт елли қәнигелердиң мийнетине ҳақы төлеў муғдарларын базар конъюнктурасынан келип шығып белгилеў;
б) Комитет пенен келискен ҳалда төлемли-контракт тийкарында оқытыў баҳасын тийисли бағдар ҳәм қәнигеликлер бойынша мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында белгиленген базалық төлемли-контракт баҳасынан үш еседен артық болмаған муғдарда белгилеў;
в) студентлердиң төлемли-контракт қаржыларын төлеў мүддетлерин белгилеў ҳәм создырыў;
г) жетик сырт ел қәнегилерин тартыў ҳәм Академия ўәкиллерин сырт елдеги илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелерине маманлығын ҳәм тәжирийбесин арттырыў ушын жибериў;
д) өз грифи тийкарында сабақлықлар ҳәм басқа да оқыў ҳәм илимий әдебиятларды жаратыў ҳәм басып шығарыў.
- Академияға оқытыўдың төлемли-контракт түринен түсетуғын қаржылардың жетиспеген бөлеги мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерин сақлаў ушын ажыратылған қаржылар көлеминде тастыйықланған бюджет параметрлерине тийисли өзгерис киргизиў арқалы қапланатуғыны белгиленсин.
9) Комитет, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жанындағы Маманлығын арттырыў орайын Дин ислери бойынша комитет жанындағы Диний ағартыўшылық тараўда маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў институты (кейинги орынларда – Институт) сыпатында қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
а) Институт исламтаныў, динтаныў, мәмлекетлик ҳәм диний қатнасықлар тийкарлары, сондай-ақ, радикалласыўдың алдын алыў бағдарларында диний тараўда қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаўға жуўапкер мәкеме болып табылатуғыны;
б) барлық билимлендириў шөлкемлериниң исламтаныў ҳәм динтаныў пәнлери оқытыўшыларының маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў Институт тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
в) билимлендириў процесиниң сапасын арттырыў ҳәм билимлендириў ҳәм әмелияттың сәйкеслигин тәмийинлеў мақсетинде Институт сораўына тийкарланып сабақлықларға тийисли министрлик, уйым, илимий-изертлеў ҳәм таллаў орайларының басшы хызметкерлери ҳәм қәнигелери тартылатуғыны;
г) Институт қайтадан шөлкемлестирилип атырған Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жанындағы Маманлығын арттырыў орайының ҳуқықлары менен миннетлемелери, сондай-ақ, дүзилген шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Академияға қараслы Ташкент қаласы, Юнусабад районы, Зарбулақ көшеси, 14-жай мәнзили бойынша жайласқан жатақхана имараты оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында Институтқа бийпул өткерилиўи тәмийинленсин.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги бул имаратты сақлаў ушын Өзбекстан халықаралық ислам академиясына 2025-жылға ажыратылған бюджет қаржыларының қалған бөлегин Институтқа өткерип берсин, 2026-жылдан баслап болса имаратты сақлаўға байланыслы қәрежетлерди Институттың қәрежетлер сметасында режелестирип барсын.
- Комитет, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси ҳәм Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң Баҳаўаддин Нақшбанд естелик комплекси орайының шөлкемлестириўинде Баҳаўаддин Нақшбанд илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў ҳәм төмендегилерди оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:
а) уллы бабамыз Баҳаўаддин Нақшбанд ҳәм нақшбандийлик тарийқаты уламаларының жоқары адамгершилик идеяларын илимий тийкарда үйрениў, жас әўладты кеңпейиллик ҳәм өз-ара ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мақсетинде үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў;
б) суфизм тәлийматы тарийхы ҳәм оның бүгинги күндеги әҳмийетин илимий изертлеў, «Жети пир» уламалары ҳәм әзиз әўлийелердиң бай илимий-руўхый мийрасын халықаралық майданда кеңнен үгит-нәсиятлаў;
в) нақшбандийлик тәлийматының ийгиликли идеяларын изертлеў ушын илимий-теориялық ҳәм методикалық мәселелерге бағышланған әнжуман, конференция, көргизбе, семинар-тренинг, таңлаўлар ҳәм басқа да мәдений-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў;
г) суфизм тәлийматының илимий тийкарланған идеяларын үгит-нәсиятлаў, жасалма үгит-нәсиятлаўшылықтың алдын алыў бойынша усыныслар ислеп шығыў.
- Комитет ҳәм Академияның Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жанындағы Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайын Министрлер Кабинети бойсыныўына өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Министрлер Кабинети жанындағы Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы исламтаныў бағдарындағы илимий изертлеўлерди ҳәм дин менен байланыслы процесслер бойынша изертлеўлерди әмелге асыратуғын илимий-изертлеў мәкемеси етип белгиленсин.
- Төмендегилер Министрлер Кабинети жанындағы Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайының қосымша ўазыйпалары етип белгиленсин:
а) Имам Матуридий, Әбиў Муин Насафий сыяқлы уллы улама ата-бабаларымыз қалдырған бай руўхый мийрасты үйрениў, дүнья илиминиң раўажланыўына қосқан шексиз үлесин халқымызға, әсиресе, жасларға жеткериў, олар жаратқан дөретпелердиң илимий түсиндирмели аўдарма ҳәм салыстырмалы текстлерин басып шығарыў, мәмлекетимиз аймағында жүз берген Биринши ҳәм Екинши Ренессанстың илимий-теориялық тийкарларын изертлеў ҳәм Жаңа Өзбекстан раўажланыўының руўхый тийкарын жаратыўға қатнасыў;
б) ислам дининиң адамгершилик мазмуны, руўхый-ағартыўшылық роли ҳәм раўажланыў бағдарларын илимий тийкарда үйрениў ҳәм кең жәмийетшиликке, соның ишинде халықаралық жәмийетшиликке жеткериў;
в) диний билимлендириў мәкемелерине илимий-изертлеў ҳәм оқыў-методикалық мәселелерде ҳәм педагог кадрлар менен диний хызметкерлердиң маманлығын арттырып барыўда әмелий жәрдем көрсетиў;
г) жәмийетлик-руўхый орталықтың турақлылығын сақлаў, жасларды жат идеялардың тәсиринен сақлаўға қаратылған стратегиялық әҳмийеттеги жойбар ҳәм басламаларды ислеп шығыў.
- Диний-ағартыўшылық тараўдағы шөлкемлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырып барыў мақсетинде турақлы түрде жумыс алып баратуғын Диний-ағартыўшылық тараўда билимлендириў, илим ҳәм илимий-изертлеўге байланыслы жумысты муўапықластырыўшы кеңес (кейинги орынларда – Муўапықластырыўшы кеңес) шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
а) Муўапықластырыўшы кеңес диний-ағартыўшылық тараўда билимлендириў, илим ҳәм илимий-изертлеў жумысларының барлық процесслерин муўапықластырыў мәселелерине жуўапкер болған мәсләҳәт уйымы есапланатуғыны;
б) Муўапықластырыўшы кеңестиң жумысшы уйымы ўазыйпасын Комитет әмелге асыратуғыны;
в) Муўапықластырыўшы кеңес тәрепинен Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Академия ҳәм басқа да диний-ағартыўшылық мәкемелердиң билимлендириў ҳәм илимий-изертлеўге байланыслы жумысы муўапықластырылатуғыны;
г) Муўапықластырыўшы кеңестиң мәжилислери ҳәр шеректе кеминде бир мәрте өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер Муўапықластырыўшы кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
а) «Үшинши ренессанс – Жаңа Өзбекстан» идеясы тийкарында уллы бабаларымыздың илимий мийрасында улығланған ўатансүйиўшилик, кеңпейиллик сыяқлы улыўма адамгершилик идеяларын халықтың арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарларын белгилеў;
б) диний-ағартыўшылық тараўындағы мәкемелердиң жумысын терең үйренип барыў, оқыў-тәрбиялық процесслерге алдыңғы мәлимлеме-коммуникация ҳәм педагогикалық технологиялар, инновациялық қолланбаларды енгизиў және илимий ҳәм методикалық жумысты муўапықластырыў;
в) тараў шөлкемлеринде топланған илимий-методикалық қолланбалар ҳәм тәжирийбелерди таллаў тийкарында олардағы билимлендириўдиң мазмунын жетилистириў ҳәм муўапықластырыў, оқыў реже ҳәм илим бағдарламаларын ислеп шығыўда өз-ара байланыслылық принциплерин тәмийинлесин;
г) республиканың барлық билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде исленетуғын диний темадағы изертлеўлер (диссертациялар) диң темалары менен бағдарларының әҳмийети бойынша тийисли усынысларды бериў.
III. Диний кеңпейилликти буннан былай да беккемлеў
- Республикада жасайтуғын ҳәр түрли дин ўәкиллериниң Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына жуўапкершилик сезимин арттырыў, жәмийетте конфессияларарлық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти буннан былай да беккемлеў мақсетинде Комитеттиң Конфессиялар ислери бойынша кеңес (кейинги орынларда – Кеңес) жумысын жетилистириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин. Онда төмендегилер инабатқа алынсын:
а) Кеңестиң қурамына сиясий ғайраткерлер, жәмийетлик белсендилер, динтаныўшы илимпаз ҳәм қәнигелерди бақлаўшы сыпатында киргизиў;
б) Кеңеске диний конфессиялардың машқалалары бойынша мәмлекетлик шөлкемлерге сораў, мүрәжатлар ҳәм усыныслар жибериў ҳуқықын бериў;
в) Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Ферғана ўәлаятларында аймақлық кеңеслер шөлкемлестириў;
г) Кеңес тәрепинен ҳәр қыйлы конфессияларға тийисли диний шөлкемлердиң профессионал хызметкерлери арасында спорт жарыслары, интеллектуаллық ойынлар, мәдений-ағартыўшылық илажлар өткериў.
Кеңестиң жаңаланған қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- IПәрманның орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў
- Комитет мәпдар министрлик ҳәм уймлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинети усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Дин ислери бойынша комитеттиң баслығы С.Д.Тошбоев белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.Қ.Давлетовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 21-апрель