Тергеў, сорастырыўдан бас тартқанлардың Өзбекстаннан шығыўы ўақтынша шекленеди

Бизге белгили, жаңа редакциядағы Конституциямызда пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетли кепилликлерден бири сыпатында ҳуқықбузарлықлардан жәбирленгенлердиң ҳуқықларын нызам менен қорғаў, жәбирленгенлерге жеткерилген зыянның орны қапланыўы ушын мәмлекет шараятлар жаратыўы белгиленген.
Бирақ, жынаят ислеген адамларды қамаққа алыў бас шарасы қолланылмаған жағдайларда бул шахслар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасын тәрк етип, сорастырыў, тергеў ямаса судтан жасырыныў жағдайлары бақланбақта. Нәтийжеде жынаяттан жәбирленген шахслардың ҳуқықларын тиклеў, оларға жеткерилген зыянларды қаплаў имканияты төменлемекте.
Усы мақсетте ислеп шығылған, жынаят процесинде мәжбүрлеў илажлары институтын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары Нызамшылық палатасының мәжилисинде екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.

– Бул нызам жойбары менен айырым нызам ҳүжжетлерине гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшыға қамаққа алыў бас шарасы қолланылмаған, бирақ Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасын тәрк етип, сорастырыў, дәслепки тергеў ямаса суддан кеширимли себеплерсиз бас тартыў мүмкин екенлигине жетерли тийкарлар бар болғанда сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса суд тәрепинен олардың Өзбекстан Республикасынан шығыў ҳуқықын ўақтынша шеклеў тәртиби белгиленбекте,-деди депутат Улуғбек Қобулов. – Сондай-ақ, медициналық хызмет алыў ямаса жақын туўысқанының қайтыс болғаны сыяқлы кеширимли жағдайларда усы мәжбүрлеў шарасын бийкар етиў менен Өзбекстаннан шығыўына руқсат берилиўи белгиленбекте. Нызам жойбарының қабыл етилиўи жәбирлениўшиниң конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўға, оның нызамлы ҳуқықлары менен мәплерине зыян жеткерилиўиниң алдын алыўға хызмет етеди.
Мәжилисте нызам жойбарының әҳмийетлилиги атап өтилип, депутатлар тәрепинен қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА