Инвестиция тараўындағы нәтийжелер бойынша мәлимлеме берилди

281

Мәмлекетимиз басшысына 21-аперль күни инвестиция тараўында усы  жыл биринши шеректе  исленген жумыслар ҳәм гезектеги тийкарғы ўазыйпалар  бойынша мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиздиң жедел сыртқы сиясаты ҳәм қолайлы исбилерменлик орталығы нәтийжесинде инвестициялар көлеми избе-из өсип бармақта. Атап айтқанда,  быйылғы жыл биринши шеректе 8 миллиард 700 миллион доллардан аслам  сырт ел инвестициялары  өзлестирилип, өткен жылдың  усы дәўирине  салыстырғанда  дерлик 20 процентке өсти.

Бул қаржылар есабынан энергетика, металлургия, химия, фармацевтика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, коммунал ҳәм социаллық тараўларда көплеген әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылмақта. Онда қосымша қун ҳәм жумыс  орынларын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Биринши ярым жыллықтың  жуўмағы менен 18 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестицияларының өзлестирилиўи күтилмекте.

Улыўма, 2025-жылы 42 миллиард доллар сырт ел инвестициясы  тартылыўы, 81 ири, 8 мыңнан аслам орта ҳәм киши жойбарлар әмелге  асырылыўы нәзерде тутылған.

Жуўапкерлерге ҳәр бир жойбар бойынша мәнзилли ислесип, барлық министрлик, ҳәкимлик ҳәм тармақ басшыларын тартып, тийисли мәселелерди өз ўақтында  шешип барыў  бойынша көрсетпелер берилди.

Ҳәзирги  күнде дүньяда жүз берип атырған экономикалық тербелислер шараятында ҳәр бир инвестор  менен жақыннан ислесип, сырт ел инвестицияларының нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ең тийкарғысы – жаңа инвестиция  жойбарларын тезирек иске қосып, санаат тармақларын раўажландырыў ҳәм диверсификациялаў ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў  әҳмийетли  екенлиги атап өтилди.

ӨзА