Миллий футболымыз тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын даңқлы ўақыя

224

Үлкен жарыслардың жүги де үлкен болады. Абырайлы, дүнья итибарындағы чемпионатларда жеңиске ерисиў, Ўатанның абырайын мәртлерше қорғаў аңсат емес.

Жеңис өзинен-өзи қолға киргизилмейди. Оның артында бәринен бурын итибар, мийнет, изленис, ҳәр тәреплеме потенциаллы команданы қәлиплестире билиў ҳәм әлбетте, исеним жәмленген болыўы керек.

Футбол бойынша U17 жас категориясындағы Азия кубогинде елимиз сайланды командасының мүнәсип нәтийжеге ерискени, еки футболшы аз болған ҳалда қарсыласын финалда жеңип шыққаны өзбек футболы раўажланыўдың жаңа басқышына шығып атырғанын және бир мәрте көрсетти.

Мәмлекетимиз басшысы жас футболшыларымызға жоллаған қутлықлаўында атап өтилгениндей, сабыр-тақатлы жасларымыздың пүткил турнир даўамында бир де жеңилиске ушырамастан, рекорд нәтийже көрсеткени, финалда майдан ийелери – Саудия Арабстаны сыяқлы оғада күшли командаға қарсы кескин беллесиўде он бир ойыншыға қарсы тоғыз футболшы менен жеңиске ерискени ҳақыйқый ерлик үлгиси болды.

Ҳақыйқатында да, енди ғана 17 жас босағасында турған нәўқыран футболшыларымыздың чемпионлық атағына ийе болыўы Жаңа Өзбекстанның жаңа жеңислерге қарай исенимли қәдем таслап атырғанының әмелдеги дәлили, десек алжаспаймыз.

Азияда теңсиз болған ҳүрметли футболшыларымызды күтип алыў ушын Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында тийисли министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, футбол жәмәәтшилиги, журналистлер, ата-аналар ҳәм тамашагөйлер жыйналды. Әтирапта әне сол қуўаныш,, сол темадағы сәўбетлер қайта-қайта тәкирарланбақта.

Бүгин жас өспирим футболшыларымыздың жеңиси тек ғана спорт тараўы хызметкерлери топарларында емес, ал мәҳәллелерде, базарларда, көшелерде, үлкен-киши жыйынлардың тийкарғы темасына айланғанын айтыў зәрүр. Әне, бул пикирлер халқымызды бирде-бир мақсет әтирапына бирлесиўге, келешекке болған исеними және де артыўына хызмет етпекте.

… Биз күткен мәўритлер келди. Саудия Арабстанынан ушқан самолёт пайтахтымыздың саўлатлы аэропортына келип қонды.

Футбол бойынша U17 жас категориясындағы Азия кубогинде жеңиске ерискен, халқымыздың мақтанышына айланған Өзбекстан сайланды командасының ағзалары Ўатан топырағына қәдемин қойды.

Ата-аналар, тренерлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери, гүл көтерген шырайлы қызларымыз, тилеклес ветеранларымыз, тараў пидайыларының жүз-көзлериндеги сағыныш, шүкиршилик, мақтаныш сезимлерин сөз бенен тәрийиплеў қыйын.

2024-жылы елимиз Олимпиада командасы өзбек футболы тарийхында биринши мәрте Олимпада ойынларына жолламаны қолға киргизген еди. Быйылғы мәўсимде миллий сайланды командамыз Жәҳән чемпионатына шығыў босағасына жетип келди. Бул сәтли қәдемди бүгин Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы Азия кубогинде даўам еттирди. Енди оның кейинги мәнзили усы жылдың 3-27-ноябрь күнлери Қатарда өткерилетуғын жәҳән чемпионаты болып табылады.

U17 жас категориясындағы бул ретки Азия кубоги ойынларынан тәсирлерге тоқтап өтсек, Өзбекстан сайланды командасы Таиланд, Қытай, Саудия Арабстаны, БАӘ ҳәм ҚХДР сыяқлы сайланды командаларды жеңип шығып, финалға жол алды. Кейинги шешиўши финал беллесиўи болса, ерлик, сабырлылық ҳәм Ўатанның абырайы ушын гүрес ойыны болды.

Чемпионат даўамында өзиниң күшли ойынлары менен ажыралып турған Неъматулла Рустамжанов – Азия кубогиниң ең жақсы дәрўазаманы, 5 гол урған Асылбек Алиев – ең жақсы ҳүжимши, Садриддин Ҳасанов – турнирдиң ең жақсы футболшысы, деп тән алынғаны да бәримизге өзгеше мақтаныш бағышлады.

– Шәкиртлерим континент чемпионатында Ўатанымыздың абырайын қорғаўдай жуўапкершиликти сезинген ҳалда көтериңки руўхта ҳәм күшли умтылыс пенен  ойнады, – дейди Өзбекстан жас өспирмлер сайланды командасының бас тренери Ислам Исмоилов. – Олар пүткил дүньяға елимизде физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик әўлад камалға келип атырғанын, Өзбекстан жасларының дүньяда ҳеш кимнен кем емеслигин және бир мәрте көрсетти. Пурсаттан пайдаланып, елимизде футболға қаратылып атырған үлкен итибар ушын мәмлекетимиз басшысына, ҳүкиметимизге миннетдаршылық билдиремиз. Финал ойыны фантастикалық ойын болды. Жигитлерге рахмет. Олар имкансыз ўазыйпаны атқарып шықты. Сезимлеримизди сөз бенен тәрийиплей алмаймыз. Алдымызда және де әҳмийетли беллесиў бизди күтпекте. Жәҳән чемпионатында  да елимиздиң абырайын мүнәсип қорғаймыз.

– Биз Азия чемпионатында жеңиске ерисип, халқымыздың исенимин ақлаў бахтына миясар болғанымыздан оғада қуўанышлымыз, – дейди Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасының ағзасы Садриддин Ҳасанов. – Бул нәтийже менен тоқтап қалмаймыз. Несип етсе, быйыл өтетуғын жас өспиримлер арасындағы Жәҳән чемпионатында да мүнәсип қатнасып, өзбек футболының жоқары потенциалын пүткил дүньяға көрсетемиз.

Байрамға айланған салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң футболшыларымызға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы департаментиниң басшысы О.Абдураҳманов Президентимиздиң тийисли пәрманы менен спортшылар ҳәм олардың тренери, футболды үгит-нәсиятлаў жолында пидайылық көрсетип киятырған спорт шолыўшылары мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары – «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спорт тренери» ҳүрметли атағы, «Келажак бунёдкори» ҳәм «Шуҳрат» медальлары менен сыйлықланғанын жәриялады.

Кернай-сырнай сазлары астында U17 жас категориясында Азия кубогинде елимиздиң абырайын халықаралық спорт майданында улығлаўға шексиз үлес қосқан, елимиз жасларының шыдамлылығын халықаралық майданда көрсеткен Өзбекстан жас өспирмлер сайланды командасының тренер ҳәм футболшыларына Президент саўғасы – жеңил автомобильлердиң гилтлери ҳәм мәмлекетлик сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.

Исеним ҳәм итибар жаңа жетискенликлердиң тийкары болып табылады. Бүгин Жаңа Өзбекстанның «алтын әўлады» болған ержүрек футболшыларымыз халқымыздың меҳир-муҳаббатына сазаўар болды.

Үмитимиз, Азия кубогинде жеңимпаз болған жас футболшыларымыз жәҳән жасыл майданларында өзбек футболының айқын жеңислерин тәмийинлейди. Абырайлы беллесиўлер босағасында турған әрманлары бир дүнья футболшы жасларымызға үлкен сынақларда жеңислер тилеп қаламыз.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы спорт министри А.Икрамов, Миллий олимпиада комитети баслығының биринши орынбасары О.Умаров, Өзбекстан футбол ассоциациясының баслығы Б.Қурбанов, Жаслар ислери агентлигиниң директоры А.Саъдуллаев, Ташкент қаласының ҳәкими Ш.Умурзақов ҳәм басқа да жуўапкерлер қатнасты.

Тулқин РЎЗИЕВ,

 Жавоҳир ТАШХЎЖАЕВ,

ӨзАның хабаршылары