Республикамызда «Китапқумарлық ҳәптелиги» басланды

454

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрьдеги 781-санлы «2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ҳәм «Республика улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде мәлимлеме-китапхана жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм де көзи әззи ҳәм көриўинде нуқсаны бар балаларды Брайл әлипбесиндеги көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы 2024-жыл 7-ноябрьдеги 743-санлы қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, мәмлекетимиздиң барлық аймақларында 2025-жылдың 21-27-апрель күнлери аралығында «Өзбекстан – китапқумарлар журты» сүрени менен Республикалық «Китапқумарлық ҳәптелиги»н өткериў белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыз Нөкис қаласында «Өзбекстан – китапқумарлар журты» сүрени менен Республикалық «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниң ашылыў мәресими болып өтти.

«Дослық» каналы бойындағы мәдений дем алыў бағында өткерилген илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К. Каримов, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Б. Ережепов, Қарақалпақстан халық шайыры Х. Дәўлетназаров,  Қарақалпақстан халық художниги С. Байбосынов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында елимизде китапқумарлықты кеңнен ен жайдырыў, халықтың руўхый дүньясын байытыў, жасларды китап оқыў ҳәм көркем өнерге қызықтырыў, оларды ҳәр тәреплеме хошаметлеў бағдарында алып барылып атырған илажларды атап өтип, усындай қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде республикамыздан көплеген талантлы жаслары өсип жетилисип атырғанына айрықша тоқталды.


-Бүгинги илажда республикамызда жайласқан жоқары оқыў орынлары студентлери менен бирге, Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, Ж.Изентаев атындағы қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң оқыўшылары ҳәм оқытыўшылары өзлериниң соққан сүўретлери, қол өнери буйымлары, дизайнерлик көргизбелери менен қатнаспақта,-дейди Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң бас илимий хаткери Ахмет Хожамбергенов.-Ҳәптелик шеңберинде ҳәр қыйлы мазмундағы илажлар өткерилип, оның жеңимпазлары арнаўлы сыйлықлар менен хошаметленеди. Бундай илажлардың өткерилиўи талантлы оқыўшыларымыздың шеберлигиниң артыўына өзиниң унамлы тәсирин тийгизеди.

Сондай-ақ, илажда республикамыздағы мәлимлеме-китапхана орайлары, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик баспалар өзлеринде бар китаплардан ибарат көргизбелер шөлкемлестирип, бул қатнасыўшыларда үлкен тәсирлер қалдырды.










-Сүўретлер көргизбесинде маған Ж.Изентаев атындағы қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң оқыўшылары Адил Кеңесбаевтың «Қылқалы аўыл», «Аўыл турмысы», «Сәўбет», Фазылбек Халилаевтың «Қара үй қурыў», Бердақ Атабаевтың «Бақсы қыз» портретлери унады,-дейди көргизбе қатнасыўшысы белгили фотожурналист Мақсет Ҳабибуллаев.

«Өзбекстан – китапқумарлар журты» сүрени менен Республикалық «Китапқумарлық ҳәптелиги» республикамыз бойлап барлық орынларда кең түрде өткерилмекте.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы

Мақсет Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери