Елимиз китапқумарлар журтына айланбақта

Төрткүл районы Мәлимлеме китапхана орайы имараты алдында «Өзбекстан – китапқумарлар ели» сүрени астында V Республикалық “китапқумарлық ҳәптелиги”ниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Илажды Мәлимлеме китапхана орайының директоры У.Матниязов ашып берди. Соң, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Төрткүл районлық бөлиминиң баслығы Ж.Сеттиев шығып сөйледи, – деп мағлыўмат береди Төрткүл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Сондай-ақ, Мәмлекетлик тил мәселелери бойынша район ҳәкиминиң кеңесгөйи Г.Назарова, Төрткүл Экономика университетиниң оқытыўшысы А.Еримбетов китап оқыўдың әҳмийети ҳаққында айтып өтти.
Көп тармақлы 1-политехникумы директорының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәселелери бойынша директор орынбасары Ю.Нурымбетов, Китапқумар аналар клубының ағзасы ҳәм мәденият хызметкери З.Аллашова китап ҳаққындағы өзиниң тәжирийбелери менен ортақласты.
Илаж даўамында қәбилетли жаслары тәрепинен көркем-дөретиўшилик ҳәм поэзиялық шығыўлар шөлкемлестирилди.



Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы М.Юсупова шығып сөйлеп, бәршени ҳәптеликке белсене қатнасыўға шақырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги