Қарақалпақстанлы боксшилердиң Россиядағы табысы

349

Буннан алдын хабар бергенимиздей, 14-20-апрель күнлери Россияның Хабаровск қаласында бокс бойынша «Константин Коротков» халықаралық естелик турнири болып өтти.

Өткерилген бул турнирде Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнасып, жарыс жуўмағында 4 алтын, 5 гүмис ҳәм 7 қола медальларын қолға киргизип, улыўма командалық есапта екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Республикамыз бокс жанкүйерлери ушын соны айтып өтиўимиз керек, бул жарыста сайланды команда қурамында -60 ҳәм -65 кг салмақ категорияларында беллесиўлерге түскен Рашида Тагирова ҳәм Айсанем Саруаровалар қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

Жеңимпаз спортшыларымыз ҳәм олардың тренерлерин ерискен бул жеңиси менен қызғын қутлықлаймыз.

Адилбай Оразов, 

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы