Шегирткелерге қарсы гүресиў көнликпелери қәлиплестирилмекте

355

Бозатаў районында “Зыянлы шегирткелерге қарсы гүресиў ҳәм тарқалыўының алдын алыў” атамасында арнаўлы-тактикалық оқыў семинары шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги, Шегиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызмети, Айрықша жағдайлар басқармасы, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў илимий-изертлеў институты Қарақалпақстан Республикасы филиалы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети ҳәм Бозатаў районы ҳәкимлигиниң ўәкиллери қатнасты.

Илаж еки басқышта өткерилип, теориялық ҳәм әмелий бөлимлерден ибарат болды.

Биринши басқышта зыянлы шегирткелердиң тарқалыў жағдайы ҳәм өткерилетуғын профилактикалық илажлар, зыянлы шегирткелерге қарсы гүресиўде қолланылатуғын препаратлар менен адамлар ямаса ҳайўанлар зәҳәрленгенде биринши медициналық жәрдем көрсетиў усыллары, зыянлы шегирткелерге қарсы комплексли илажлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Екинши басқышта болса зыянлы шегирткелерге қарсы әмелий шынығыўлар алып барылды.

Қарақалпақстан Республикасында зыянлы шегирткелердиң раўажланыўы ҳәм тарқалыўына қолайлы 3 миллион гектардан аслам жер майданы болып, өткен жылғы гүзги бақлаў нәтийжелери бойынша 112 мың гектар жер майданында зыянлы шегирткелер тәрепинен мәйек қойылғаны анықланды.

Мағлыўмат ушын, 2024-жылдың жуўмағы бойынша 94 мың 200 гектар майданда зыянлы шегиртке ошақларына қарсы химиялық қайта ислеў жумыслары өткерилген. Быйылғы химиялық қайта ислеў жумыслары республика аймағында тарқалыў ўақтын есапқа алып, май айынан басланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги