Өнимлердиң экспортлық потенциалын арттырыў перспективалары додаланды

361

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң шөлкемлестириўинде «Елимизде аўыл хожалығы өнимлериниң экспортлық потенциалын арттырыў перспективалары» атамасында экспортшы кәрханалардың ўәкиллери ҳәм исбилерменлердиң қатнасыўында ашық сәўбетлесиў болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң директоры И.Эргашев, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң баслығы Р.Шербаев, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Косназаров, Бажыхана басқармасы ўәкиллери, аўыл хожалығы экпорты менен шуғылланыўшы кәрхана басшылары, дийқан-фермерлер ҳәм исбилерменлер қатнасты.

Илажды өткериўден мақсет – аўыл хожалығы өнимлерин экспортқа шығарыўшы исбилерменлик субъектлерин мәмлекетимиз тәрепинен белгилеп берилген жеңилликлер ҳәм қолайлықлар менен таныстырыў, машқала ҳәм тосқынлықларды анықлаў ҳәм шешиў, олардың пикир-усынысларын тыңлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-апрельдеги «Аўыл хожалығы өнимлериниң экспортлық потенциалын арттырыў ҳәм қайта ислеў шынжырын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәнисин түсиндириўден ибарат.

Сондай-ақ, илажда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 29-февральдағы “Республикада мийўе-палыз өнимлериниң экспортын тәртипке салыў илажлары ҳаққында”ғы қарарында белгиленген мийўе-палыз өнимлериниң экспорт баҳаларын жасалма түрде төменлетиў жағдайларының алдын алыў, мийўе-палыз өнимлерин жетистириў ҳәм оларды экспортқа шығарыўда Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң “Agroko‘makchi” мобиль қосымшасында жаратылған қолайлықлар ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында мағлыўматлар берилип, қадағалаў уйымларының қәнигелери тәрепинен мийўе-палыз ҳәм азық-аўқат өнимлерин экспорт етиўдеги талаплар өз бағдарлары бойынша түсиниклер берилди. Атап айтқанда, мийўе-палыз ҳәм азық-аўқат өнимлерин экспортқа шығарыўда олардың қадақлаўына, сапасына ҳәм калибрленетуғынына айрықша тоқтап өтилди.

Президент қарарында 2025-2026-жылларда аўыл хожалығы өнимлериниң экспортын арттырыў ҳәм қосымша қун шынжырын жаратыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери белгиленген.

Атап айтқанда, 2025-жылы мийўе-палыз ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспорт көлемин жәми 3,5 миллиард АҚШ долларына жеткериў, 2025-жылдың ақырына шекем 8 мәмлекетке жаңа 30 түрдеги өнимлердиң экспорты ушын фитосанитариялық рухсатнамаларды алыў, перспективалы базарларға 2025-жылы 442 миллион АҚШ доллары, 2026-жылы 575 миллион АҚШ доллары муғдарындағы мийўе-палыз өнимлериниң экспортын тәмийинлеў, сондай-ақ, 2025-жылы аймақларда жәми 2,1 миллион тонна мийўе-палыз өнимлери ушын қадақлар ислеп шығарыў бойынша 40,5 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў белгиленген.

Экспортёрлар тәрепинен мийўе-палыз ҳәм азық-аўқат өнимлерин экспорт етиўдеги машқалалары тыңланып, тараў қәнигелери тәрепинен өз бағдарлары бойынша берилген сораўларға жуўап берилди ҳәм қосымша усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан Республикасының айырым түрдеги өнимлер экспортының 2025-2026-жыллардағы перспективалы көрсеткишлери сыпатында мәш, помидор, қаўын, ғарбыз ҳәм гешир сыялы өнимлер қурап, олардың экпорты Қытай, Пакистан, Япония, Қубла Кореяға, Европа, Араб мәмлекетлери ҳәм басқа да мәмлекетлерге әмелге асырылыўы белгиленген. Бул арқалы 2025-жылы 6 миллион 651,2 мың АҚШ доллары, ал 2026-жылы 8 миллион 646,5 мың АҚШ долларына жеткериў прогноз етилмекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги