Санэпид комитетке азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин қадағалаў тапсырылды

Усы жыл 18-апрельдеги «Өндирис, экспорт ҳәм исбилерменлик жумысын хошаметлеў, саўда ҳәм санаат сиясатының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы менен азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин қадағалаў бойынша ўәкилликли уйым ўазыйпалары Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети тәрепинен әмелге асырылатуғын болды, деп хабар береди xs.uz.
Онда 2025-жыл 1-августтан азық-аўқат өнимлери ушын техникалық регламентлер ҳәм стандартлардың мәжбүрий екенлиги бийкар етиледи ҳәм Комитет тәрепинен ислеп шығылған санитария қағыйдалары, нормалары ҳәм гигиена нормативлери тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен келисилгеннен соң тиккелей әмел етеди.
Санитар, фитосанитар ҳәм ветеранирия қадағалаўы тараўындағы төмендеги тәртип-қағыйдаларға мәжбүрий әмел етиў 2025-жылдың жуўмағына шекем талап етилмейди, соның ишинде:
– жергиликли ҳәм импорт азық-аўқат өнимлери ушын санитария ҳәм эпидемиология хызметлериниң лабораториялары нәтийжелерине тийкарланып санитария-эпидемиологиялық жуўмақ алыў арқалы сертификатлаў;
– барлық түрдеги азық-аўқат өнимлери, соның ишинде, балалар аўқатлары, терапевтикалық ҳәм профилактикалық аўқатланыў ушын диета азық-аўқат қосымшалары ҳәм жаңа рецептлер ямаса жаңа технология тийкарында жаратылған азық-аўқат өнимлери ушын барлық техникалық ҳүжжетлерди Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен келисиў ҳәм тастыйықлаў;
– өсимлик өнимлери, гезлеме, ийирилген жип, былғары, ойыншықлар, спорт инвентары ҳәм басқалар ушын ветеринария сертификатын алыў.
Қарақалпақстан хабар агентлиги