Парламентлераралық аўқам ассамблеясы жоқары дәрежеде өткерилгени атап өтилди

Өзбекстан парламент делегациясы Санкт-Петербург қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық аўқамы (ҒМДА)на ағза мәмлекетлер Парламентлераралық ассамблеясы (ПА) илажларында қатнаспақта.
ҒМДА ПА кеңесиниң мәжилисинде Кеңес баслығы, Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерал Кеңеси Баслығы В.Матвиенко Парламентлераралық Аўқам (ПА)ның Ташкент қаласында өткерилген 150-юбилей Ассамблеясы ҳәм оның нәтийжелерине тоқтап өтти. Усы әнжуманның жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, қабыл етиўши тәрептиң мийманларды қабыл етиў ҳәм илаж өткериўдеги жоқары шеберлиги ҳәм жуўапкершилигин айрықша атап өтти.
Сенат Баслығы Т.Норбоева ассамблеяда ҒМДА мәмлекетлери парламентлик делегациялардың белсене қатнасыўы, олардың қабыл етилген ҳүжжетлерге қосқан үлеси ҳәм алға қойған усыныслары үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Сондай-ақ, келешекте де бундай ири халықаралық әнжуманларды өткериўде бирге ислесиўге бәрқулла таяр екенин айрықша атап өтти.
Соң күн тәртибиндеги мәселелер көрип шығылды. Қатнасыўшылар ҒМДА ПА халықаралық бақлаўшылары Беларусь Республикасы Президентиниң сайлаўы ҳәм Тажикстан парламент сайлаўы мониторингиниң нәтийжелерине итибар қаратты.
ҒМДА ПА миссиясының координаторы, Олий Мажлис Сенаты Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы А.Эшмуродов 2025-жыл 2-март күни Тәжикстан парламентине болып өткен сайлаўды бақлаў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди.
Кеңес мәжилисинде ҒМДА ПАның 2024-жылдағы жумысы есап-санақ етилип, келешекте өткерилиўи режелестирип атырған халықаралық саммитлерге таярлық мәселелери додаланды.
***
ҒМДА ПА шеңберинде Өзбекстан Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Әзербайжан Миллий Мәжилиси Баслығы Саҳиба Гафарова менен ушырасты.
Тәреплер Өзбекстан-Әзербайжан қатнасықларының жедел раўажланыўы еки мәмлекет басшыларының беккем дослығы ҳәм өз-ара исенимине тийкарланғанын атап өтти.
ПАның 150-юбилей Асссамблеясының жуўмақларына айрықша итибар қаратылды. Бул кең көлемли әнжуман Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы ҳәм халықаралық көлемде кең қоллап-қуўатланғаны себепли өткерилгени атап өтилди.

Әзербайжан тәрепине Қосылмаў ҳәрекети Парламент тармағының Бандунг руўхының 70 жыллығына бағышланған конференциясы шөлкемлестирилгени ушын миннетдаршылық билдирилди.
Биринши Өзбекстан-Әзербайжан парламент ҳаял-қыз ағзалары форумына таярлық жумыслары да дыққат орайында болды. Бул форумды шөлкемлестириў бойынша дослық топарын дүзиўге келисип алынды. Өзбекстан тәрепинен Форум концепциясы ҳәм гендер теңлик, билимлендириў, ҳаял-қызлар исбилерменлиги, туризм ҳәм жаслар парламентлериниң бирге ислесиўин қамтып алған панель сессияларының темалары усыныс етилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер парламентлераралық бирге ислесиўди және де беккемлеў, еки тәреплеме бирге ислесиў күн тәртибин кеңейтиў ҳәм халықаралық парламент структуралары шеңберинде муўапықластырыўға таяр екенлигин тастыйықлады.
***
Сенат Баслығы Танзила Норбоева Тәжикстан Республикасы Мәжилиси миллий Мәжилиси Жоқары Баслығы Рустами Эмомали менен ушырасыў өткерди.
Т.Норбоева Р.Эмомалиди Тәжикстан Республикасы парламенти басшысының лаўазымына сайланғаны менен қутлықлап, келеси дәўирде де еки мәмлекеттиң нызам шығарыўшы уйымлары арасында жоқары дәрежедеги бирге ислесиў ҳәм тығыз қатнасықлар және де беккемленетуғынына исеним билдирилди.

Сәўбетлесиў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланып, Өзбекстан-Тәжикстан стратегиялық шерикликтиң беккем тийкары еки мәмлекет басшыларының тығыз бирге ислесиўи ҳәм өз-ара исенимниң жоқары дәрежеси тийкарында қәлиплесип атырғаны атап өтилди.
Парламентлердиң жаңа қурамы қәлиплескени мүнәсибети менен парламентлеаралық бирге ислесиўди жеделлестириў режелери додаланды. Тәреплер жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаў мәселелерин күн тәртибине киргизген ҳалда «Өзбекстан – Тәжикстан» дослық топары мәжилисин өткериўге таяр екенлигин тастыйықлады.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер еки дос мәмлекет арасындағы парламентлераралық сөйлесиўди беккемлеў ҳәм ҳәр тәреплеме шерикликти тереңлестириў нийетинде екенлигин тастыйықлады.
Норгул Абдураимова, ӨзА