Ал Кахмус Өзбекстандағы коррупцияға қарсы гүресиў сиясатын жоқары баҳалады

Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агенлигине Саудия Арабстаны Патшалығы Қадағалаў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў уйымы (NAZAHA) Президенти Мазин Ал Кахмус келди.
Агентлик директоры Акмал Бурхонов пенен ушырасыўда еки мәмлекет контркоррупция уйымлары арасында бирге ислесиўди күшейтиў, өз-ара тәжирийбе алмасыў механизми ҳәм бағдарлары додаланды.
Мазин Ал Кахмус Өзбекстан басшысының сиясий ерк-ықрары менен усы тараўда әмелге асырылып атырған әҳмийетли илажларды жоқары баҳалады. Өзбекстанның регион мәмлекетлери арасында тараўда сезилерли унамлы нәтийжелерге ерисип атырғаны, бул болса мәмлекеттиң коррупцияға қарсы гүресиўге байланыслы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орны жылдан-жылға көтерилип атырғанында көзге тасланып атырғанын да айрықша атап өтти.

А.Бурхонов контркоррупция реформаларының раўажланыўында халықаралық бирге ислесиўге әҳмийет қаратты. Атап айтқанда, Саудия Арабстанының тараўдағы алдынғы тәжирийбе ҳәм әмелиятын жақыннан үйрениў коррупцияға қарсы гүресиўде жаңа механизмлерди енгизиў имканиятларын және де кеңейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Ушырасыў шеңберинде Агентлик ҳәм NAZAHA арасында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарын жаратыўшы өз-ара келисим меморандумына қол қойылды. Онда коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм қатнасыўшылардың институционаллық потенциалын раўажландырыў ҳәм арттырыў нәзерде тутылған.
Тәреплер нәтийжели бирге ислесиўдиң жолға қойылыўы мәмлекетлеримиз ушын бирдей пайдалы екенин айрықша атап өтип, додаланған ҳәр бир бағдар бойынша анық ўазыйпа ҳәм режелерди белгилеп алды.
Н.Абдураимова, ӨзА